Нөкис қаласында “Жаслар ҳаўазы” таңлаўы республикалық басқышының бағдарлар бойынша беллесиўлери даўам етпекте.

Атап айтқанда, 11-май күни «Бақсышылық», 12-май күни «Опера» бағдары  бойынша беллесиўлер болып өтти. Онда «Бақсышылық» бағдарының өзинен  31 қатнасыўшы өз талантын көрсетти.

Таңлаўда Қарақалпақстаннан 3 жерлесимиз,  яғный 10-15 жас категориясында Әширбек Қозибаев, 16-22 жас аралығында Гүлайым Утешова, 23-30 жас аралығында Азамат Елмуратовлар қатнаспақта.

Таңлаўда жас бақсы Әширбек Қозыбаевтың шығыўы тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырды.  Ол қарақалпақ халық қосықларынан  есапланған «Гөр қыз» ҳәм «Еллерим барды» намаларын шеберлик пенен атқарып шықты.

Солай етип, Гүлайым Утешова менен Әширбек Қозыбаевлар супер финальға жолламаны қолға киргизди.

Таңлаўдың үшинши күнинде «Опера» бағдары бойынша қызғын беллесиўлер болып өтти. Онда республикамыздан 10-15 жас аралығында Бахытбек Қалыбаев, Мухаммед Мырзабаевлар қатнасып, өз талантын көрсетти.

-Барлық қатнасыўшыларға әўмет тилеймен,-дейди Сәрбиназ Каримбаева.-Бар талантымды көрсетип, жеңимпаз болыўға ҳәрекет етемен.

Фестиваль даўам етпекте. Еслетип өтемиз таңлаўдың «Миллий атқарыўшылық» ҳәм «Эстрада» бағдарлары бойынша беллесиўлер 13-14- май күнлери аралығында болып өтеди.

Арыўхан НУРАТДИНОВА,

Дилназ ӨМИРБАЕВА,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги