Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери ҳәзирги ўақытта районларда әмелият өтемекте. Әмелият даўамында мектеп оқыўшылары арасында бир қатар ушырасыўлар шөлкемлестирилип, мастер-класслар өткерилмекте.

Атап айтқанда, университеттиң юридика факультетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары Қоңырат районындағы 35 ҳәм 37-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде болып, ол жерде мектеп питкериўшилери ҳәм жоқары класс оқыўшылары менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда факультет деканының орынбасары Ю.Абдреймов Президентимиздиң басламасы менен билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған жумысларға кең тоқтап өтип, тараўдағы жаңа өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар ҳәм питкериўши жасларға өз мәсләҳәтлерин берди.

– Факультетимиздиң профессор-оқытыўшылары ҳәм зийрек студентлери Шоманай районындағы  7-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, ол жерде мектеп питкериўшилери менен ушырасты,-дейди физика факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары А.Бижанов. – Факультет деканы А.Муратов тәрепинен питкериўши жаслар жоқары оқыў орынларында билим алыўға шақырылды.

Бул жерде оқыўшы жаслар тек ғана устазлар менен ушырасып қоймастан, факультеттиң «Заковат» клубы ағзалары менен  биргеликте билимлерин сынақтан өткерди. Сондай-ақ, волейбол бойынша университет чемпионы, физика факультетиниң  қызлар командасы тәрепинен мектеп оқыўшыларына мастер класс өткерилди.  Бул ушырасыў мектеп оқытыўшыларына үлкен қызығыўшылық пайда етип, ҳәр бириниң кеўлинде студент болыў үмитин оятты, деп анық айта аламыз.

Университеттиң экономика факультети финанс кафедрасының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары да Шымбай районындағы 27-29-санлы улыўма билим бериў мектебинде, муғаллим ҳәм оқыўшылардың финанслық билимлерин арттырыў мақсетинде «Финанслық саўатлылық» атамасында ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда усы кафедра доцентлери  Қ.Халмуратов ҳәм Б.Сәрсенбаевлар мектептиң питкериўши класс оқыўшыларына университетте, соның ишинде, экономика факультетинде студентлер ушын жаратылған имканиятлар, шараятлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

Буннан соң 3-курс студентлери И.Жалғасбаев ҳәм Ш.Абатовалар  финанслық саўатлылық бойынша түсиниклер берип өтти. Соның менен бирге, күн даўамында профессор- оқытыўшылар тәрепинен мектеп оқыўшылары менен ашық сәўбетлесиўлер  өткерилип, олардың пикир-усыныслары тыңланды.

Студентлердиң әмелият өтеўи даўам етпекте.

Хатира Турсынғалиева,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги