Инсанның санасын зәҳәрлеп, денсаўлығына зыян келтиретуғын ҳәм олардың жәмийеттен ажыралып қалыўына себепши болатуғын күшли тәсир ететуғын дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бағдарында бажыхана уйымлары тәрепинен кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги Жол-патрул хызмети хызметкерлери  менен биргеликте Төрткүл районында өткерилген оператив илаж даўамында «Cobalt» маркалы автотранспорт қуралында жолаўшы болып киятырған пуқара А.Ж. қалыслар қатнасында тексерилди.

Нәтийжеде пуқараның шалбарының оң қалтасында 1 дана конвалютада 5 дана « Regapen 300mg » жазыўлы, оған тийисли болған қара сумканың ишинен 30 конвалютада 419 дана « Regapen 300mg » жазыўлы ҳәм 225 дана флаконда «Тропикамид»жазыўлы дәри бар екенлиги анықланды. Оператив илаж даўамында дәслепки сораў бойынша баҳасы 35 миллион 955 мың сумлық 649 дана күшли тәсир етиўши дәри айғақлы зат ретинде алынды.

Бөлим хызметкерлери тәрепинен Хорезм ўәлаяты Үргенш районы «Чалыш» ЖПХ постында оператив илаж өткерилди. Гүман астына алынып тоқтатылған «Nexia-2» маркалы автомашинада жолаўшы сыпатында киятырған пуқара А.А. тийисли тәртипте тексерилгенде, оның сумкасында 182 дана флаконда «Тропикамид», 172 дана «Селофен» және 280 дана «Регапен», усы автотранспорт қуралының басқа жолаўшысы М.Р.дың кийимлериниң қалтасынан 15 дана флаконда «Тропикамид» ҳәм 20 дана «Регапен» жазыўлы күшли тәсир етиўши дәри бар екенлиги анықланды. Оператив илаж даўамында анықланған жәми 669 дана күшли тәсир етиўши дәри айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Районда өткерилген гезектеги оператив илаж даўамында болса, алдын ала алынған оператив мағлыўматқа тийкарланып тоқтатылған «Дамас» маркалы автотранспортта жолаўшы болып киятырған пуқара А.А. ның кийиминиң қалтасында 2 флакон «Тропикамид», 3 капсула «Регапен», 1 капсула «Селофен» күшли тәсир етиўши дәри ҳәм 0,91 гр. «Марихуана» нәшебентлик заты, сондай-ақ, усы автотранспорт қуралы көзден өткерилгенде, оның айдаўшысы М.Ж.ға тийисли сумканың ишинен 7 флакон «Тропикамид», 13 капсула «Регапен» күшли тәсир етиўши дәри бар екенлиги анықланды. Оператив илаж даўам еттирилип, районлық «Дийқан базары»ның әтирапында пуқара И.Р.тоқтатылып соралғанда, ол өз қәлеўи менен 1 капсула «Регапен» күшли тәсир етиўши дәрини илаж қатнасыўшыларына тапсырды.

Күшли тәсир ететуғын дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бойынша оператив илажлар шеңберинде райондағы турақ жайлардың бири көзден өткерилгенде, жасырып қойылған қағаз қутының ишинде 100 флакон «Тропикамид» ҳәм 98 капсула «Регапен» күшли тәсир етиўши дәри сақланып атырғанлығы анықланды.

Усы районда жасаўшы пуқара А.А.ның көрсетпесине муўапық, оның үйиниң алдындағы тасланды қуты көзден өткерилгенде, қара реңдеги целлофан пакеттиң ишинде 112 флакон «Тропикамид» ҳәм 124 капсула «Регапен» ҳәм 90 капсула «Селофен», «Мискин» ЖПХ постында өткерилген оператив илаж даўамында  «Cobalt» маркалы автомашинада жолаўшы сыпатында киятырған пуқара А.Х. ға тийисли болған қара реңли қол сумкасы қалыслар жәрдеминде тексерилгенде, 236 дана флаконда «Тропикамид», 557 капсула «Регапен», шалбарының оң қалтасынан 11 капсула «Регапен» күшли тәсир етиўши дәри бар екенлиги мәлим болды.

Республикамыз бажыханашылары тәрепинен басқа ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте өткерилген оператив илажлар даўамында жәми 1527 капсула «Регапен», 864 дана «Тропикамид» ҳәм 263 дана «Селофен» күшли тәсир етиўши дәриниң нызамсыз айланысына шек қойылды. Буның менен мыңлаған, бәлким миллионлаған жаслардың саламатлығына, елимиздиң раўажланыўына зыян жеткерилиўиниң алды алынды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы