Ҳәзирги ўақытта, өсип киятырған жас әўладты саламат, интеллектуаллық жақтан жетик етип тәрбиялаў, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға медициналық хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў, әсиресе, алыс аўыллардағы халыққа медициналық жәрдем көрсетиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усы жыл 10-17-май күнлери Қарақалпақстан Республикасы «Саламат әўлад ушын» қайырқомлық фонды тәрепинен Өзбекстан Темир жол акционерлик жәмийети менен биргеликте Ташкент-Қоңырат, Қарақалпақтан-Жаслық, Қоңырат-Ташкент жөнелисинде саламатлық поезды шөлкемлестирилди.

10-май күни жолға шыққан «Саламатлық поезды» 11-май күнинен өз жумысын баслады.

Мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген ең шетки, барыў қыйын болған  аймақ  Қарақалпақтан станциясы халқын  12-13-май күнлери көшпели медициналық патронаж бригадасы хызметкерлери ҳәм Өзбекстан темир жол акционерлик жәмийети  амбулатор жоқары дәрежели қәнигелер менен өз жумысларын баслады.

Аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан, көп балалы шаңарақлар ҳәм жасы үлкен ата-аналар, ҳаял-қызлар, майып балалар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди. Тексериў нәтийжесинде халыққа бийпул дәри-дәрмақлар, витаминлер, көз әйнеклер, витаминге бай кептирилген суплар, санитариялық-гигиеналық буйымлардан ибарат жәрдемлер берилди.

Бул қайырқомлық акциясы 14-15-май күнлери Жаслық станциясында даўам етиўи режелестирилмекте.

Еслетип өтемиз, бир ҳәпте даўамында усы илаж шеңберинде тәжирийбели қәнигелер тәрепинен жасы үлкен инсанлар, майыплығы болған балалар, ҳаял-қызлар, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм көп балалы шаңарақлар медициналық тексериўден өткерилип, орынларда арнаўлы мәкемелерге, жәрдемши мектеп ҳәм мектепке шекемги биимлендириў шөлкемлерине қайырқомлық жәрдемлери тапсырылады, сондай-ақ, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға бағдарланған ушырасыўлар өткериледи.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги