Ә.Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры жәмәәтиниң республикамызға дөретиўшилик сапары басланды.
Нөкис темир жол вокзалында мийманлар салтанатлы жағдайды күтип алынды.
Сапар даўамында театр жәәмәәти «Майсараның иси» операсын ҳәм «Еки жүрек дәстаны» балет спектаклин республикамыз театр ықласбентлериниң нәзерине усынады. Сондай-ақ, 14-май күни Нөкис қаласындағы Ашық театрда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти менен биргеликте гала концерти болып өтеди.
-Жәми 160 тан аслам делегациямызды ағзалары жүзли-жүзлилик пенен күтип алынды,-дейди театр директорының биринши орынбасары Абдуллажан Усманов.-Бул дөретиўшилик сапар етиў Президентимиздиң 2021-жыл 27-декабрьдеги «Опера ҳәм балет көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылмақта. Қарарда Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрының жумысын жетилистириў, миллий опера ҳәм балет көркем өнерин буннан былайда үгит-нәсиятлаў белгиленген. Қарақалпақстанға сапарымыз буның менен шекленип қалмайды. Июль айында Мойнақ районында гала концерт қойыўды режелестирип отырмыз.
Қарақалпақ опера ҳәм балет ықласбентлери Өзбекстан халық артисти С.Алимов, Қарақалпақстан халық артисти, Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист А.Абдуллаева, Өзбекстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Х.Қасимов, Ф.Якутжанов пенен бир қатарда балет артистлериниң, хор ҳәм оркестр жәмәәтиниң опера ҳәм балет спектакллери, сондай-ақ, концерт бағдарламасын тамаша етиў мүмкиншилигине ийе болады.
Театр жәмәәтиниң сапары 15-майға шекем даўам етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы