Президентимиздиң басламасы менен ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, ең аўыр аймақ деп есапланған, «Жеке терек», «Қутлы мәкан», «Бозаўыл», «Қызылқум», «Қумаўыл», «Қоскөл», «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынларының инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде республика бюджетинен жәми 75 млрд. сум, ал, жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын 10 млрд. сум қаржы ажыратылған.

– Усы мәҳәллелерде жумыс алып барыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң комплекс басшылары, тийисли министрликлер, қаладағы мәкеме ҳәм кәрханалар бириктирилди,-дейди Нөкис қаласы ҳәкимлиги қурылыс ислери бойынша жетекши қәнигеси Ы.Мухиятдинов. – Социаллық қорғаўға мүтәж 5005 хожалықтың турақ жайларына қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, 63 шаңараққа материаллық жәрдемлер берилди. Усы шаңарақлардағы 36 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, 21 пуқара турақлы жумыс орнына, 105 пуқара жәмийетлик тийкарындағы жумысларға қамтып алынды және 126 пуқараның өзин-өзи бәнт етиўи бойынша шөлкемлестириўшилик илажлар алып барылды.

Әлбетте, жоқарыда атап өтилген жумыслардың өз мүддетинде сапалы орынланыўын тәмийинлеп, усы жети аймақта жасаўшы пуқараларға кең имканиятлар ҳәм мүмкиншиликлер жаратыў бойынша илажлар даўам етеди.

 

Саёра Айтбаева,

Хатира Турсынғалиева,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги