Түркияныӊ Стамбул қаласында бокс бойынша ҳаял-қызлар арасында жәҳән чемпионаты басланды.
Дүньяныӊ еӊ күшли боксшилери қатнасып атырған бул чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнаспақта.
Олардыӊ арасында 57 кг салмақта Ситора Турдибекова кеше Тринидад-Тобаголы боксши Тианна Гайга қарсы рингке шығып, онда 5:0 есабында жеӊиске еристи.
Бүгин жәҳән чемпионатында және төрт боксшимиз өзлериниӊ дәслепки беллесиўлерин өткереди.
Олардан 54 кг салмақта Нозимахон Бултурова сенегаллы Диенабу Диалло, 50 кг салмақта Азиза Ёқубова АҚШлы Женнифер Лозано, 60 кг салмақта Моҳинабону Абдуллаева украиналы Амина Абрамова, 66 кг салмақта Навбаҳор Ҳамидова қазақстанлы Дарига Шакимова менен өз-ара беллесиўге түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы