«15-май Шаӊарақ күни» мүнәсибети менен Нөкис районы ҳәкимлиги үлкен мәжилислер залында «Жаңа Өзбекстанның үлгили шаңарағы» республикалық таӊлаўыныӊ районлық басқышы болып өтти.
Таӊлаўға барлық пуқаралар жыйынларындағы үлгили шаӊарақлар қатнасты.
Онда шаӊарақлар 3 шәрт тийкарында өз-ара жарысқа түсти. Атап айтқанда, қатнасыўшылар өзлери жасап турған мәҳәллеси, шаӊарағындағы үлгили турмысы, ерискен нәтийжелери ҳаққында төрешилерге айтып, өзлериниӊ өнерлерин көрсетти.
Таӊлаў жуўмағында 1-орынды «Арбашы» АПЖдан Қ.Палўановлар шаӊарағы ийелеген болса, 2-орынды «Тақыркөл» АПЖдан Ю.Шариповлар, 3-орынды «Саманбай» АПЖдан Б.Утемуратовлар шаӊарағы ийеледи ҳәм жеӊимпазлар, таӊлаўға белсене қатнасқан шаӊарақлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.
Илаж даўамында районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен байрам концерт бағдарламасы қойып берилди.
1-орынды ийелеген Қ. Палўановлар шаӊарағы болса, таӊлаўдыӊ Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы