Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатының 10-класс оқыўшысы Айжамал Қалбаева Нөкиске алтын медаль алып келди. Ол Ташкенттеги «Түркистан» сарайында «Ислам Кәримов – бийғәрез Өзбекистанның тийкарын салыўшысы» китап-альбомын таныстырыўға бағышланған «Жалын киби жанып, өзгелердиң жолын жарық ет» сүрени астында өткен мәресимге қатнасып келди.
– Ол жерде рус тилинде шығып сөйлеп, Биринши Президентимиздиң ең қыйын дәўирлерде жасларды ақыллы, билимли етип тәрбиялаўға, әсиресе, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратқаны, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты енгизилгени ҳәм билимлендириў тараўында үлкен жетискенликлер жүз бергени ҳаққында айттым, – дейди Айжамал. – Үлкен саҳнада биринши шығыўым, дәслеп албырадым, бирақ саҳна маған илҳам берди ҳәм мен өз пикирлеримди толық жеткере алдым. Өткерилген илаж менде үлкен тәсир қалдырды. Келешекте журналист болмақшыман. Заманагөй, оператив жеке меншик телевидением болыўын арзыў еткенмен. Рус, инглис тиллерин билемен. Бунда тоғыз жыл билим алған Билимлендириў ҳәм раўажландырыў орайы «Прогресс» қәнигелестирилген мектебиниң роли айрықша. Ҳәзирги күнде корейс тилин үйренип атырман. Ата-анамнан өткен «жазыў»шылығым бар. Шығармаларым китап болып басылыў алдында тур. Журналистиканы раўажландырыўға бар күш-жигеримди бағышлайман.
Айжамалға арзыўына ерисиўин, нийети жолдасы болыўын тилеймиз.
Мөлдир Игиликова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги