«Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен 4-8-май күнлери Ферғана ўәлаятыныӊ Бағдад районында 2007-2008, 2009-2010-жыллары туўылған спортшылар арасында белбеўли ҳәм бел алысыў гүреси бойынша ашық турнир болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан 600 шамалас палўанлар қатнасты.

Турнир жуўмағында 2009-2010-жыллары туўылған ер балалар арасында 33 кг салмақта Әзизбек Хошниязов, 50 кг салмақта Бегис Сапарбаев, +50 кг салмақта Рахметулла Амангелдиев, 2007-2008-жыллары туўылған өспиримлер арасында 36 кг салмақта Нурсултан Жолдыбаевлар 1-орынларды қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлги шолыўшысы