2-10-күнлери Грецияныӊ Ираклион қаласында аўыр атлетика бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.

Дүньяныӊ еӊ күшли атлетлери қатнасқан бул чемпионатта Өзбекстан Республикасы сайланды командасы да мүнәсип түрде қатнасып қайтты.

Спортшыларымыз арасында 87 кг салмақта Турсунай Жаббарова,  102 кг салмақта Шарафиддин Амриддинов алтын медалды ийелеген болса, 109 кг салмақта Мирхосил Мирзабаев гүмис медалға ылайық деп табылды.

Чемпионатта улыўма командалық есапта Түркия сайланды командасы 7 алтын, 5 гүмис ҳәм 7 қола медалларын қолға киргизип биринши, 2 алтын медалға ийе Армения, Украина, Өзбекстан, Индонезия, Колумбия ҳәм Иран мәмлекетлери екинши, 1 алтын, 2 гүмис, 1 қола медал менан АҚШ лы спортшылар үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлги шолыўшысы