Кеше футбол бойынша Европа Конференциялар лигасыныӊ ярым финал ушырасыўлары болып өтти.
Римде болып өткен «Рома» ҳәм «Лестер» ушырасыўын өзбекстанлы футбол жанкүйерлери айрықша қызығыўшылық пенен бақлап барды. Оғада қызықлы болып өткен ойыннныӊ 11-минутында «Рома»ныӊ англиялы ҳүжимшиси Тэмми Абрахам тәрепинен «Лестер» дәрўазасына жолланған гол Жозе Моурино шәкиртлерин финалға алып шықты.
Соны да атап өтиўимиз керек, бул ушырасыўда мәмлекетимиз сайланды командасыныӊ сәрдары Элдор Шомуродов 89-минутта Тэмми Абрахамныӊ орнына майданға түсти.
Екинши ярим финалда болса, Нидерландияныӊ «Фейеноорд» клубы Францияныӊ «Марсель» футболшылары менен ушырасты ҳәм онда есап ашылмады 0-0. Бирақ, командалардыӊ дәслепки ойынында 3-2 есабында жеӊиске ерискен «Фейеноорд» 25-май күни «Рома» менен болып өтетуғын финал ушырасыўына жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы