5-май күни футбол бойынша Европа лигасында да ярым финал ушырасыўлары болып өтти.
Шотландияныӊ Глазго қаласында болып өткен дәслепки ярым финал ушырасыўында жергиликли «Рейнжерс» клубы Германияныӊ «Лейпциг» футболшыларын өз майданында қабыллап, 3:1 есабында жеӊиске еристи ҳәм финал жолламасын қолға кигизди.
Ал, Франкфурт қаласында болып өткен екинши ойында болса «Айнтрахт» Англияныӊ «Вест Хэм» футболшылары менен өз-ара ушырасты. Ойынныӊ 19-минутында «Вест Хэм» футболшысы Крессуэллдиӊ майданнан шетлетилиўи Дэвид Мойес шәкиртлерин қыйын аўҳалға салып қойды. Бундай имканияттан нәтийжели пайдаланған «Айнтрахт» футболшысы Борре ойынныӊ 26-минутында есапты ашыўға еристи ҳәм бул 1:0 есабы ушырасыў жуўмақланаман дегенше сақланып қалды.
Солай етип, 18-май сәнесинде болып өтиўи режелестирилген Европа лигасыныӊ финалында «Рейнжерс» пенен «Айнтрахт» ушырасатуғын болды.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы