Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасында бир қатар ойынлар болып өтти.
Бул ойынлардыӊ биринде Ташкенттиӊ «Пахтакор» клубы Саудия Арабстаныныӊ «Ат-Таъвун» клубы менен гүрес алып барды.
Онда 14-минутта Язид Бакир қапталдан узатылған топты ҳеш ирикпестен «Пахтакор» дәрўазасына жоллап, өз командасын есапта алдынға алып шыққан болса, Аббос Файзуллаев арадан 10 минут өтип арадағы есапты теӊлестириўге еристи.
Буннан соӊ ташкентли футболшылар тез-тез ҳүжимлер шөлкемлестире баслады ҳәм Азиз Турғунбоев пенен Сардор Собирхўжаевтыӊ урған голлары есабынан есапты 1-3 ке жеткерди. Бирақ, бул голдан соӊ саудиялылар 2 гол урып есапты 3-3 ке алып келди.
78-минутта Миржаҳон Мираҳмадов және «Пахтакор»ды алдынға алып шыққан болса, 83-минутта «Ат-Таъвун» футболшысы Ҳассан Аламри пенальтиден нәтийжели пайдаланып есапты теӊбе-теӊ көриниске алып келди.
Бирақ, «Пахтакор» футболшылары ойынныӊ бул есапта жуўмақланыўын қәлемеди ҳәм тийкарғы ўақыт тамамланыўына санаўлы минутлар қалғанда жеӊис голын урып, ушырасыўды 5-4 есабында жуўмақлаўға еристи.
Деген менен, бул жеӊис «Пахтакор»дыӊ кейинги басқышқа шығыўына мүмкиншилик бермеди ҳәм «Д» топарында 6 упай топлап жарысты ерте тамамлаўға мәжбүр болды.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы