Бүгин, 24-апрель күни Монголия пайтахты Улан-Батор қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионатының жуўмақлаўшы беллесиўлери болып өтпекте.

Алдын хабар бергенимиздей, еркеклер арасында Өзбекстан сайланды командасы қурамында 92 кг салмақ категориясында қатнасып атырған қарақалпақстанлы палўан Әжинияз Сапарниязов дәслепки беллесиўин монголиялы тәжирийбели палўан Оргилох Дагвадоржға қарсы өткерип, жеңилиске ушырады.

Жерлесимиз Азия чемпионатының бронза медалы ушын болатуғын келеси беллесиўинде ҳиндстанлы палўан Вики Викиге қарсы гилемге шығады.

Беллесиў жуўмақлары ҳаққында қосымша мағлыўмат беремиз. Сайтымызды оқып барың.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.