«…Мектепке биринши классқа қәдем қойғанымда мектебимиз қулайын деп тур еди. Соң ол бузылды ҳәм бизлер биреўдиң үйинде оқып жүрдик. Үйдиң ийеси керек емес бөлмесин бизлерге ажыратып берди. Ол үй ызғар жерде жайласқанлықтан, бүрге көп еди, таланатуғын едик. Үйдиң полы да тесик-тесик болып, ҳәтте талай ручкаларым сол тесикке түсип кетти. Кейин оны ремонтлады. Соған шекем бизлер гаражында оқып  турдық. Бир күни кишкене қыз сол жерде ойнап жүргенде үстине дәрўаза қулап кетти, қыз астында қалып, қайтыс болды.

Үшинши класста муғаллимимниң үйинде билим ала басладық. Биз оқыўшылар бары-жоғы 1-2-3-4-класслар қосылып, он төрт оқыўшы едик. Муғаллим үйинен еки бөлмесин ажыратып берди. Бөлмелерде аўқатланатуғын столларда оқығанымыз себепли жеңимизден шығанағымызға дейин шире болып қалатуғын еди. Сол ўақытлары мен қашан мектептиң партасында отырып оқыр екенмен, қашан доскаға жазыў жазады екенмен, деп әрман етер едим…»

Бул XIX әсирде жазылған шығармадан үзиндилер ямаса базыбир қалақ мәмлекетлердеги аянышлы турмыстан көринислер деп ойласаңыз, қәтелесесиз. Булар республикамыздың Нөкис районы «Шүйит аўыл»ында жасап киятырған 6-класс оқыўшысының басынан кеширгенлери.

Жүдә саўатлылық пенен еки бет ақ қағазға усы ҳәм басқа да кеўил кеширмелерин түсирген оқыўшы билим алыўға деген күшли интасы себепли барлық қыйыншылықларды жеңип, ҳәзирги ўақытта И.Юсупов атындағы инталы балалар мектеп-интернатында тәлим-тәрбия алмақта.

Усы орында мәмлекетимизде мәжбүрий билимлендириў бағдарындағы әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжеси бул аўылға қалай жетип бармағанына түсиниў қыйын.

«Шүйит аўыл»ға буннан басқа мектеп (15-санлы улыўма билим бериў мектеби) 8 километр қашықлықта жайласқан. Буннан төрт-бес жыл бурын аўылдағы мектеп филиалының гөне имараты бузып тасланғаннан кейин айырым балалар күнниң ыссы-суўығында усы мектепке қатнай баслаған, шамасы келмегенлер муғаллимлердиң үйинде оқып жүрген.

Нөкис районындағы «Қурбанияз Нурнияз» фермер хожалығы баслығы Шолпан Қурбаназарова хожалықтың жыллық табысы есабынан бузылған мектеп филиалын қайта тиклеўге қәўендерлик етти. Оның еки жыллық ҳәрекетинен соң үш ханалы имарат бой тиклейди. Шаңарағындағы айырым себеплерге бола, мектеп толық оңланбай қалады.

– Оқыўшылардың дерлик ҳәр күни алдымнан шығып «бизге Ҳүкимет мектеп салып берсин да, сиз барып айтың» деп қыйылып сорай бергенинен елжиреп, қайырқомлық етиўге қарар еттим, – дейди фермер Ш.Қурбаназарова. – Мектепти толық питкериўге шамам жетпеди. Районымыз ҳәкими ҳәм прокурорының жәрдеми менен қалған жақлары толық питкерилди. Нәтийжеде 2017-жылы 25-декабрьде филиалдың ашылыў мәресими болып өтти. Ҳәзир мектеп заманагөй көриниске кирди. Балалардың жүреклери шәўкилдесип, «түсимиз емес пе?» деп қояды. Олар  Ҳүкимет басшыларынан күтә миннетдар.

Ҳәзир «Шүйит аўыл» оқыўшылары аўылда қурылған заманагөй мектеп филиалында мәмлекетлик билимлендириў стандартларына сәйкес шараятта билим алмақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.