Монғолия пайтахты Улан-Баторда спорт гүреслери бойынша болып өткерилип атырған Азия чемпионатыныӊ екинши күни палўанларымыз еки медалды қолға киргизди.
Грек-рим гүреси бойынша 97 кг салмақта қатнасқан тәжирийбели палўанымыз Рустам Ассакалов чемпионаттыӊ финалына шекем жетип барып, алтын медал ушын гүресте иранлы Меҳди Балиҳамзеге жеӊилип қалды.
Ал, 82 кг салмақта Муҳаммадқадир Расулов қола медалы ушын беллесиўде япониялы Юя Окажимани жеӊип шыққан болса, 60 кг салмақта Феруз Тўхтаев, 67 кг да Маҳмуд Бахшуллаев ҳәм 72 кг да Мирзобек Раҳматовлар қола медалы ушын беллесиўлерде жеӊилип қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы