Монғолия пайтахты Улан-Баторда болып өтип атырған спорт гүреслери бойынша Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да мүнәсип түрде қатнаспақта.
Атап айтқанда, командамыз ағзаларынан 87 кг салмақта Токио—2020 Олимпиада ойынларыныӊ қатнасыўшысы жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов гүмис медалды жеӊип алған болса, 55 кг салмақта Жасурбек Ортиқбоев қубла кореялы Хёк Жин Чонды, 130 кг салмақта Мўминжон Абдуллаев сингапурлик Тимоти Ю Лоҳди жеӊилиске ушыратып, чемпионаттыӊ қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Солай етип жарыстыӊ биринши күнинде беллесиўлерге түскен Өзбекстан сайланды командасыныӊ 5 палўанынан үшеўи медалларды қолға киргизип, спорт жанкүйерлерин қуўанышқа бөлемекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы