Монголия пайтахты Улан-Батор қаласында спорт гүреслери бойынша өткерилип атырған Азия чемпионатында грек-рим гүреси бойынша -87 кг салмақта қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратовтың финалға шыққаны ҳаққында алдын хабар берген едик.

Финалда жерлесимиз иранлы Носир Ализодаға 1:3 есабында имканиятты берип қойды.

Солай етип, Жалғасбай Бердимуратов үшинши мәрте Азия чемпионатының медалына ийелик етпекте.

Еслетип өтемиз, жерлесимиз 2020-жыл Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында өткерилген Азия чемпионатында 3-орын, 2021-жыл Қазақстанның Алматы қаласында болып өткен Азия чемпионатында болса 1-орынды ийелеген еди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.