Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Кейинги жыллары мәмлекетимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында майыплығы болған пуқараларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў, атап айтқанда, көзи әззи ҳәм көриўде нуқсаны болған балалардың жәмийеттеги орнын беккемлеў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылды.
Бул бағдардағы реформалардың избе-излиги ҳәм системалығын тәмийинлеў, көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалардың тәлим алыўы ушын жаратылған шараятларды және де жақсылаў, олардың жәмийетке бейимлесиўине жәрдемлесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде:
- Ишки ислер министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатларын Ишки ислер министрлигине бириктириў сондай-ақ, оларды «Нурлы мәкан» қәнигелестирилген мектеп-интернатлары (кейинги орынларда – «Нурлы мәкан» мектеплери) деп атаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Ишки ислер министрлиги «Нурлы мәкан» мектеплерине жуўапкерлерди бириктирген ҳалда:
сапалы тәлим-тәрбия бериўге, олардың турмыслық шараятларын жақсылаўға, сондай-ақ, оқыўшылардың бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириў және интеллектуаллық, физикалық ҳәм дөретиўшилик қәбилетлерин раўажландырыўға;
оқыўшылардың физикалық имканиятынан келип шығып, оларды саламат, руўхый жетик инсан етип тәрбиялаўға ҳәм көзқарасын қәлиплестириў, спорт түрлерине қызықтырып тартыўға;
оқыўшылардың ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестиретуғын мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириўге турақлы түрде жәрдемлесетуғыны белгиленсин.
- «Нурлы мәкан» мектеплери оқыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, оларды саламатландырыў ҳәм реабилитациялаў илажларын системалы жолға қойыў мақсетинде:
а) Республикалық көз кеселликлери клиникалық емлеўханасы, Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы орайы, Ташкент медициналық академиясы, Ташкент педиатрия медицина институты және басқа да медициналық мәкемелердиң маман шыпакерлерин тартқан ҳалда, «Нурлы мәкан» мектеплериниң оқыўшыларын емлеў-саламатландырыў ҳәм реабилитациялаў әмелияты жолға қойылсын.
Онда, «Нурлы мәкан» мектеплериниң оқыўшыларын емлеў-саламатландырыў ҳәм реабилитациялаў илажлары ушын қәрежетлер Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылады.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) менен биргеликте бир ай мүддетте «Нурлы мәкан» мектеплериниң оқыўшылары ушын патронаж системасын енгизиў және емлеў-саламатландырыў ҳәм реабилитациялаў илажларын әмелге асырыўды өз ишине алатуғын илажлардың тастыйықланыўын тәмийинлесин;
б) оқыўшыларға зорлық және олар арасында өз жанына қастыянлық етиў жағдайларының алдын алыў бойынша профилактика жумысларын системалы жолға қойыў шеңберинде барлық «Нурлы мәкан» мектеплериниң аймағынам видеобақлаў үскенелериниң орнатылыўын тәмийинлесин ҳәм олар тийисли аймақлық ишки ислер уйымларына интеграциялансын.
Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) үш ай мүддетте министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан усы ўазыйпаны әмелге асырыў бойынша мәнзилли илажларды белгилеп, жумысларды ақырына жеткерсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-2023-оқыў жылынан баслап:
а) «Нурлы мәкан» мектеплериниң Брайль жазыўындағы сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалар, көркем сондай-ақ, балалар ушын мөлшерленген әдебиятлар, ҳәр қыйлы қәнигелик ҳәм бағдарлардағы баспа ҳәм аудиокитапларға болған талабы ҳәр алты айда үйрениледи ҳәм сол тийкарда әдебиятлар дизими қәлиплестирилип барылады.
Онда, қәлиплестирилген дизим тийкарында мәмлекетлик буйыртпаны жәриялаў, әдебиятларда усы бағдардағы қәнигелескен, жетерли материаллық-техникалық базаға және тәжирийбеге ийе болған баспа кәрханаларында басып шығарыў және «Нурлы мәкан» мектеплериниң талабынан келип шығып, бөлистириў тийкарында тарқатыў әмелияты жолға қойылады;
б) көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалар ушын белгиленген ўәлаят ҳәм республика пән олимпиадалары питкериўши класслардың оқыўшылары ушын өз алдына шөлкемлестириледи;
в) «Нурлы мәкан» мектеплериниң оқыўшылары ушын мәлимлеме технологиялары, шет тиллерин, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликти үйретиў бойынша оқыў курслары шөлкемлестириледи.
Онда, «Нурлы мәкан» мектеплериниң питкериўшилерин қысқа мүддетли оқыў курслары арқалы кәсип-өнерге оқытыў ушын мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери арасында грант жәрияланады ҳәм оқыў менен байланыслы қәрежетлер Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан төленеди;
г) жоқары билимлендириў мәкемелериниң тийисли қәнигелик ҳәм бағдарлары бойынша Брайль әлипбеси тийкарындағы әдебиятларды басып шығарыў системасы жолға қойылады;
д) көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғынлар ушын сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық комплекслер басып шығаратуғын баспа-типография кәрханалары менен декларация етилген баҳалар тийкарында белгиленген тәртипте шәртнамалар дүзиўге руқсат бериледи.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көриўшилер ушын оқыў ҳәм көркем әдебиятлар басып шығарыў тараўына жеке меншик сектор ўәкиллерин кеңнен тартыў, оларға тийисли жеңилликлер бериў арқалы бул бағдарды раўажландырыў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Қурылыс министрлиги (Б.Закиров), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем «Нурлы мәкан» мектеплеринде қурылыс-оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын орынлаў 2023-2025-жыллары социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламаларына киргизсин.
а) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) тәрепинен Самарқанд қаласындағы 59-санлы ҳәм 60-санлы көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалар мектеп-интернатларында 2022-жылы қурылыс-оңлаў және үскенелеў жумысларын әмелге асырыў ушын бир ай мүддетте тийисли қаржылар ажыратылатуғыны;
б) 2022-жыл сентябрьден баслап «Нурлы мәкан» мектеплериниң оқыўшыларын кәсип-өнерге үйретиў және питкериўшилердиң кәсип ийелеўин тәмийинлеў мақсетинде мәкемелерде ул ҳәм қыз балалар ушын айрықша заманагөй үскенеленген социаллық ҳәм турмыслық бағдардағы комплекс (оқыў устахана)лер шөлкемлестирилетуғыны;
в) «Нурлы мәкан» мектеплери 2022-2023-оқыў жылына шекем жергиликли бюджет қаржылары есабынан көзи әззилер ушын бейимлестирилген арнаўлы компьютер техника қураллары менен толық тәмийинленетуғыны белгиленсин.
Халық билимлендириў министри Б.Саидов ҳәм ишки ислер министри П.Бобожонов усы бәнтте белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм толық әмелиятқа енгизиў бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- Қурылыс министрлиги (Б.Закиров) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте үш ай мүддетте «Нурлы мәкан» мектеплериниң объектлерин жойбарлаў ҳәм қурыўға алдыңғы сырт ел стандартлары менен нормаларын үйренип шығып, оларды қолланыў бойынша техникалық жақтан тәртиптке салыўға байланыслы нормативлик ҳүжжетлерге тийисли өзгерислер киргизсин.
- Төмендегилер:
а) Жаслар ислери агентлиги еки ай мүддетте мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери тәрепинен тәлимге тартылмаған көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалар дизимлерин мәҳәллелер кесиминде қәлиплестирсин ҳәм олардың Халық билимлендириў министрлигине берилиўин тәмийинлесин;
б) Халық билимлендириў министрлиги үш ай мүддетте Жаслар ислери агентлиги тәрепинен усыныс етилген дизимлер тийкарында:
көзи әззи балаларды толық билимлендириўге тартыў илажларын көрсин;
көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балаларды билимлендириўге тартыўда айрықша қатнас-методикалары тийкарында үй шараятында оқыйтуғынларды арнаўлы әдебиятлар менен тәмийинлесин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов) айрықша тәлим талаплары болған көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалардың инклюзив тәлим алыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў илажларын көрсин. Онда:
үш ай мүддетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков) менен биргеликте халықаралық тәжирийбеден келип шығып, көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балаларды улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине жибериў имканиятын беретуғын медициналық көрсетпелер дизимин қайта көрип шықсын;
2022-жылдың ақырына шекем инклюзив тәлим системасы енгизилген билимлендириў мәкемелеринде көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалар ушын зәрүр шараятларды жаратсын, соның ишинде, оларды рельеф жоллар, Брайль әлипбеси тийкарындағы әдебиятлар ҳәм арнаўлы еситиў үскенелери менен тәмийинлесин;
ҳәр жылы кеминде еки мәрте инклюзив тәлим енгизилген билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрлары ушын көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балаларға билим бериў бойынша тәжирийбе арттырыў курсларын шөлкемлестирсин;
инклюзив тәлим системасы енгизилген билимлендириў мәкемелеринде көзи әззи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалардың жақын туўысқанларына олар менен бирге сабақларда қатнасыў имканиятын жаратсын.
- 2022-жыл 1-июньға шекем Әндижан ўәлаятының 16-санлы «Нурлы мәкан» мектебиниң бос турған имаратында көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын пуқаралардың мийнет етиўи ушын тәжирийбе-сынақ түринде арнаўлы оқыў-өндирислик кәрханасын шөлкемлестирсин.
Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги (Ш.Абдураҳмонов) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) және Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) менен биргеликте:
бир ай мүддетте «Нурлы мәкан» мектебиниң оқыўшылары ушын оқыў-өндирислик кәрханасының өндирис бағдарынан келип шығып арнаўлы әмелий-оқыў сабақларын шөлкемлестирсин;
еки ай мүддетте оқыў-өндирислик кәрханасын зәрүр үскенелер, арнаўлы әсбаплар, жумыс қураллары менен тәмийинлесин және ислеп шығарылатуғын товар ҳәм хызметлерди реализациялаўда әмелий жәрдем көрсетсин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов):
а) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2023-жыл 1-январьға шекем Әндижан ўәлаятының «Нурлы мәкан» мектебиндеги оқыў-өндирислик кәрханасының нәтийжелеринен келип шығып, республиканың басқа да мектеп-интернатларында бул тәжирийбени енгизиўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
Өзбекстан көзи әззилер жәмийети (Э.Нарпулатов) және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) менен биргеликте 2023-жыл 1-февральға шекем орынларда шөлкемлестирилип атырған оқыў устаханаларының бағдар ҳәм имканиятларынан келип шығып, кәсипке бағдарлаўшы арнаўлы оқыў режелери менен бағдарламаларды ислеп шықсын;
в) 2022-2023-оқыў жылына шекем «Нурлы мәкан» мектеплери оқыўшыларының талабы ҳәм имканиятынан келип шығып, оларда «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң тармақ дөгереклериниң жумысын жолға қойсын;
г) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем «Нурлы мәкан» мектеплери ушын өзбек сөйлеў синтезаторы ҳәм басқа да семантикалық-еситиў қураллары менен үнлес түрде миллий дизайндағы арнаўлы компьютер бағдарламаларын жаратсын ҳәм оқыў процесине қолланылсын.
Онда, миллий дизайндағы арнаўлы компьютер бағдарламаларын ислеп шығыўға байланыслы қәрежетлер Халық билимлендириўи тараўындағы реформаларға жәрдемлесиў қорының есабынан әмелге асырылады;
д) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков) менен биргеликте 2022-2023-оқыў жылына шекем 1-класс оқыўшыларына белгиленген тәртипте ажыратылатуғын «Президент саўғасы» қурамына көзи әззи ҳәм төмен көретуғын балалар ушын арнаўлы оқыў қураллары ҳәм топламлар дизимин қәлиплестирсин ҳәм тийисли қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) және Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети (М.Ташходжаев) менен биргеликте:
бир ай мүддетте «Нурлы мәкан» мектеплериниң паралимпиада спорт түрлери менен шуғылланыўда зәрүр болатуғын спорт әсбап-үскенелери, қураллар ҳәм басқа да инвентарларға болған талабын анықласын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте сырт ел тәжирийбеси тийкарында тийисли жергиликли бюджетлер есабынан «Нурлы мәкан» мектеплериниң спорт залы ҳәм майданларын халықаралық нормалар тийкарында үскенелесин және зәрүр арнаўлы спорт инвентарлары менен тәмийинлесин;
2022-2023-оқыў жылынан баслап көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалар және таяныш ҳәрекет ағзалары зақымланған балалардың қәнигелестирилген мектеп-интернатларында паралимпиада спорт түрлери (дзюдо, футбол, жеңил атлетика) менен толық шуғылланыўы ушын спорт түрлерине қызығыўшылығынан келип шығып, маман тренерлердиң тартылыўын тәмийинлесин.
- Мәденият министрлиги (О.Назарбеков) Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ай мүддетте «Нурлы мәкан» мектеплеринде көркем өнер (музыка) бағдарын раўажландырыў, оқыўшылардың көркем өнер бағдарындағы қәбилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде оларды аймақлардағы музыка ҳәм көркем өнер мектеплерине бириктирсин.
Балалардың көркем өнер ҳәм музыкаға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «Нурлы мәкан» мектеплеринде «Дәпшилер», «Дуўтаршы қызлар», «Фольклор» топарлары шөлкемлестириледи.
- Халық билимлендириў министрлиги және Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң 2022-жылы Самарқанд қаласындағы 59- ҳәм 60-санлы «Нурлы мәкан» мектеплери аймағында усы мәкемелердиң шекленген штат бирликлери шеңберинде көзи әззи балаларды мектепке таярлаў мақсетинде арнаўлы оқыў бағдарламалары тийкарында бир жыллық мүддетли таярлаў топарларының жумысын шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.
Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (А.Шин) 2022-жыл 1-октябрьге шекем халықаралық тәжирийбени кеңнен үйренген ҳалда, мектепке шекемги жастағы көзи әззи балаларды оқытыў методикасын ислеп шықсын ҳәм оқыў бағдарламалары «Нурлы мәкан» мектеплерине жеткерилиўин тәмийинлесин.
- Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:
жергиликли бюджет қаржылары есабынан 2022-2023-оқыў жылына шекем «Нурлы мәкан» мектеплерин Брайль әлипбесиндеги тарқатпа материаллар ҳәм оқыў қолланбаларын басып шығарыў ушын рельеф-ноқатлы Брайль принтер, портатив тактилли Брайль дисплейи, моноблок, қағаз кесиўши ҳәм ламинатор үскенеси сыяқлы киши баспахана ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинлесин;
2022-жылдың ақырына шекем «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» республикалық қорының қаржылары есабынан «Нурлы мәкан» мектеплери аймағында «Жол ҳәрекети қағыйдаларын үйретиў арнаўлы майданша»ларын шөлкемлестирсин және көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балалар жасайтуғын аймақларда даўыслы светофорлар ҳәм инновациялық жол белгилерин орнатыў илажларын көрсин.
- «Нурлы мәкан» қәнигелестирилген мектеп-интернатларының шараятларын басқышпа-басқыш жақсылаў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықласын.
«Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкер басшыларға жеке жуўапкершилик жүкленеди.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Ишки ислер министрлиги (Б.Бобожонов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгкерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип халық билимлендириў министри Б.О.Саидов, ишки ислер министри П.Р.Бобожонов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 18-апрель