Қаржы министрлиги мәлимлеме хызмети социаллық тармақларда ҳүкиметтиң атынан ҳәр қыйлы төлемлер ҳәм бир мәртелик напақалар ажыралығаны ҳаққындағы жалған мағлыўматлар тарқалып атырғаны ҳаққында хабар берди.
«Сизге Қаржы министрлигиниң барлық рәсмий каналлары рәсмий тексерилген белгиге ийе болған дереклер арқалы жаңалықларды бақлап, исенимли мағлыўмат алыўыңыз мүмкин екенин мәлимлеймиз», делинеди хабарда.
Биз пуқаралардан бүгинги күнде тарқалып атырған күнделикли исенимли хабарларды рәсмий дереклерден бақлап барыўын сораймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги