Аўғанстан аймағынан Өзбекстанның Термиз қаласындағы әскерий объектлерге ракетадан ҳүжим еткенлиги ҳаққында тарқалған хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейди.
Өзбекстан-Аўғанстан мәмлекетлик шегарасы Өзбекстан әскерлери тәрепинен толық қадағаланып, турақлы жағдай тәмийинленбекте.
Пуқарларымыздан бундай жалған хабарларға исенбеўин ҳәм рәсмий дереклерге сүйениўин сорап қаламыз.
Қорғаныў министрлигиниң Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти