Халқымыздың руўхыйлығы, ой-пикири миллий көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымызға тиккелей байланыслы болып табылады. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен быйыл елимизде биринши мәрте 15-апрель Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленбекте.

Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» сарайында салтанатлы илаж болып өтти.

Салтанатлы илажда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлерине қутлықлаўы оқып еситтирилди.

Мәмлекетимизде мәденият тараўындағы миллий нызамшылықты түп-тийкарынан жетилистириў, көркем өнеримизди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғын пәрман ҳәм қарарлар қабыл етиўге айрықша итибар қаратылмақта. Елимизде көркем өнер жәмәәтлери, театрлар, көркем өнер шеберлериниң жумысы жедел қоллап-қуўатланбақта.

Бул процессте устаз көркем өнер шеберлериниң мийнетин қәдирлеў, оларға ҳүрмет-иззет көрсетиў бойынша жумыслар алып барылмақта. Қәбилетли жаслар турақлы қоллап-қуўатланып атырғаны итибарға ылайық болып табылады.

Салтанатлы илажда шығып сөйлеген  Өзбекстан Республикасы мәденият министри Азадбек Назарбеков мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди көтериў бағдарындағы ийгиликли умтылыслар халқымыз, әсиресе, жас әўладтың мәдениятын раўажландырыў сыяқлы мақсетке қаратылғанын атап өтти.

– Тараўға көрсетилип атырған итибарды өз жумысымыз даўамында бәрқулла сезбектемиз, – деди Сирдәрья ўәлаяты музыкалы драма театрының актёры Назмиддин Назаров. – Булар жаңа спектакльлерди сахналастырыў, тараў хызметкерлериниң жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда көринбекте.

Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген «Ниҳол» атындағы Мәмлекетлик сыйлық салтанатлы илажда классикалық қосық, музыка атқарыўшылығы, опера, аяқ ойын, эстрада атқарыўшылығы бағдарлары бойынша бир топар дөретиўши жасларға устазлар тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылды.

– Классикалық нама-қосықлар инсанның руўхый жетилисиўинде айрықша орын ийелейди. Бизлерге билдирилген бундай жоқары исенимге мүнәсип болыўға аянбай ҳәрекет етемиз, – деди «Ниҳол» сыйлығының классикалық қосық атқарыўшылығы бағдары бойынша жеңимпазы Мухлиса Машрабова.

Салтанатлы илажда көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўында үлкен концерт бағдарламасы көрсетилди. Байрам мүнәсибети менен ҳәр түрли мәмлекетлерден жиберилген қутлықлаўлар видеороликлер тәризинде көрсетилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувоҳидов қатнасты.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы