Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Комиссия Баслығы З.Низомхўжаев мәжилисте Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаў өткеретуғын сайлаў комиссиялары тәрепинен Сайлаў кодекси нормаларының бирдей қолланылыўы көрип шығылды.

Сондай-ақ, жергиликли Кеңеслердиң босап қалған орынларға сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў әмелиятын және сайлаў үскенелериниң сақланыў жағдайын мәнзилли үйрениў нәтийжелери және Орайлық сайлаў комиссиясы ис режесиниң орынланыўы ҳаққындағы мәселелер додаланды.

Мәжилисте Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаў өткеретуғын сайлаў комиссияларының жумысын үйрениўдиң нәтийжелери бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы жумысшы топарының мағлыўматнамасында берилген усыныслар тийкарында илажлар белгилениўи ҳәм әмелге асырылыўы бойынша көрсетпе берилди.

Мәжилисте 2022-жылдың биринши шерегинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбары менен ислесиў, Орайлық сайлаў комиссиясының ҳуқықый ҳүжжетлерин жетилистириўге қаратылған ўазыйпалар талқыланды.

Сайлаў процесслери ҳәм сайлаў нызамшылығын қолланыў әмелиятын жетилистириў, Орайлық сайлаў комиссиясы жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сайлаў системасы ҳәм сайлаў процесслерин кеңнен сәўлелендириў, жәмийетшилик пенен байланысларды беккемлеў бойынша ислеип атырған жумысларға итибар қаратылды.

Орайлық сайлаў комиссиясының жумысына ҳәм сайлаў процесслерине мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, сайлаў процесслерине заманагөй оқыў технологияларын ҳәм методикалық көз қарасларды енгизиў сыяқлы бағдарларда алып барылған жумыслар додаланды.

Келешекте жүкленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў ушын комиссия ағзалары, секретариат хызметкерлериниң жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте Комиссияның ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

ӨзА