Жаңа Жол ҳәрекети қағыйдаларына бола, айдаўшы ҳәм машинаның алдыңғы отырғышында отырған жолаўшыға қәўипсизлик қайысын тағыў шәрт етип белгиленбекте.
Онда кеселлиги болған айырым пуқараларға қайысты тақпаўға руқсат берилген.
Мәлим етилиўинше, 8 түрдеги кеселлик жағдайы ушын медициналық мағлыўмат талап етпей, қәўипсизлик қайысын тақпаўға руқсат бериледи.
Соның ишинде, омыраў ҳәм төс сүйеклериниң сыныўы, ийинниң сыныўы, өкпениң созылмалы обструктив кеселликлери (IV басқыш), бронхиал астма (IV басқыш), өкпениң интерстициаль зыянланыўы, өкпениң бир бөлеги ямаса пүткил бөлеги (шеп ямаса оң) алып тасланған, созылмалы жүрек жетиспеўшилигиниң III басқышы ҳәм декомпенсация басқышы және ҳәмиледар ҳаяллар усылардың қатарына киреди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, жаңа редакциядағы Жол ҳәрекети қағыйдалары 2022-жыл 1-майдан әмелге киргизиледи.
ӨзА