Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў арқалы базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша шараятлар жаратыўға байланыслы видеоселектор мәжилиси даўам етип атыр.
Мәжилисте пайдаланыўдан шыққан жерлерди қайта тиклеў де азық-аўқат жетистириўге қосымша имканият екени атап өтилди.
– Бирақ барлық аймақларда да жумыслардың жағдайын қанаатландырарлы деп болмайды. Әндижан, Бухара, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья ҳәм Хорезмде қалақлық болып атыр,-деди Президент.
Аўыл хожалығы министрлигине ҳәкимликлер менен бирге бир ҳәпте мүддетте 135 мың гектар обороттан шыққан жерлерди өзлестириў ҳәм оларда азық-аўқат өнимлерин жайластырыў жумысларын баслаў ўазыйпасы қойылды.
Бул илажларды әмелге асырыў ушын республикалық бюджеттен 170 миллиард сум ажыратылады.
Қыйтақ жер хожалықларынан нәтийжели пайдаланыў мәселесине тоқтап өтип, Президент Ферғана, Наманган, Әндижан ҳәм Самарқандтан 600 тәжирийбели қыйтақ жер ийелери Қарақалпақстан, Бухара, Қашқадәрья, Наўайы, Сырдәрья, Хорезм ҳәм Ташкент ўәлаятына барып, 1,5 мың мәҳәлледе халықтың қыйтақ жерлеринде егинлерди дурыс егиўди үйретип атырғанын мысал етип келтирди.
Бул тәжирийбени 2,5 мың мәҳәлледе енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Халықтың қыйтақ жерлеринде ең үлкен машқала – суў тәмийнаты болып атырғаны атап өтилди.
Мысалы ушын, Қашқадәрьядағы 65 мың гектар қыйтақ жердиң 24 мың гектарында суў машқаласы бар. Оның себеби – район ҳәкимлери туў тармақларын тиклеў, қудықлар қазыў, салмаларды тазалаў жумысларын ўақтында керекли дәрежеде орынламаған,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы мүнәсибет пенен жуўапкерлерге:
егин түрлериниң жайласыўынан келип шығып, халықтың қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын 4 миллиард куб метр суўды бөлистириў;
– ҳәр бир мәҳәлле кесиминде салма ашыў, тазалаў, тармақларды тиклеў бойынша графикти тастыйықлап, жумысларды баслаў тапсырылды.
Бул жумыслар ушын республикалық бюджеттен 50 миллиард сум, жергиликли бюджетлерден және 50 миллиард сум қаратылады.
Соның менен бирге, Қўшрабат, Нурабад, Кенимех, Пешку, Шырақшы, Жарқорған, Байсын, Аҳангаран, Ғәллеарал, Ферғана сыяқлы районларда суў тәмийнаты аўыр мәҳәллелерде қудық қазыў ҳәм насос орнатыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаўға бюджеттен 50 миллиард сум ажыратылады.
ӨзА