Арқа-батыс әскерий округине қараслы Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында Агентлик ҳәм Халық билимлендириӯ министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы ушын «Шет тиллерин үйрениӯ бойынша ең жақсы мектеп» таңлаӯының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Бул басқышқа республикамыз қала ҳәм районларында жеңимпаз болған 17 мектептен жәми 85 оқыӯшы қатнасып, инглис тилинен өз билимлерин сынақтан өткерди.
Оқыўшылардың еркин, өзлериниң билимлерин толық сынақтан өтиўин тәмийинлеў мақсетинде аудиториялар, керекли оқыў қураллары менен тәмийинленип, барлық шараятлар жаратылған.
Таңлаӯдың нәтийжесине бола, 1-орынды 60,24 балл менен Нөкис қаласындағы 27-санлы мектеп, 2-орынды 59,5 балл менен Хожели районындағы 3-санлы мектеп ҳәм 3-орынды 59,08 балл менен Кегейли районындағы 55-санлы мектеп оқыӯшылары ийелеўге миясар болды. Жеӊимпаз мектеплер 250-200-150 миллион сўмлық ваучерлер сыйлықланды.
Оларға арнаӯлы диплом ҳәм ваучерлерди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри Р.Реимов тапсырды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, жеңип алынған пул сыйлықларының 25 проценти жеңимпаз болған оқыӯшыларға сыйлық сыпатында (ноутбуклер, оқыӯ әдебиятлары, ақшалай сыйлық ҳ.т.б) бериледи ҳәм 25 проценти мектептиң қала ҳәм районлық басқышында жоқары балл алыӯына үлес қосқан ҳәмде оларды таңлаӯда қатнасыӯына таярлаған пән муғаллимлери ушын бериледи. Қалған 50 проценти болса, жеңимпаз болған мектептиң материаллық-техникалық базасын беккемлеӯ ушын сарыпланатуғынлығы белгилеп берилген.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы