Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасыныӊ 3-турында «Пахтакор» «Ад-Дуҳайл»га қарсы гүрес алып барды.
Ойында есап биринши таймныӊ соӊында ашылды. Бунда 44-минутта Сардор Рашидовтыӊ әжайып топ узатыўынан соӊ Оливер Шаркич басы менен дәрўазаға анық жоллап «Пахтакор» шыларды есапта алдынға алып шықты.
Екинши таймныӊ 67-минутында «Ад-Дуҳайл» футболшысы Эдмилсон ойындағы есапты теӊлестирген болса, арадан 3 минут өтип Сардор Собирхўжаев және бир мәрте ташкентли футболшыларды алдынға алып шықты.
Бирақ, «Пахтакор»ға бул есапты услап қалыў несип етпеди. 72-минуттта Эдмилсон өзиниӊ дублине ерискен болса, 84-минутта «Ад-Дуҳайл»дыӊ жеӊис тобын жоллаўға миясар болды.
Бул ойыннан соӊ «Пахтакор» 3 упай менен өз топарында «Сепахан» менен бирге ақырғы орынды ийелеп тур. Топарда 6 упай менен Аль-Тавон, «Ад-Дуҳайл» командалары жетекшилик етип келмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы