Президент Шавкат Мирзиёев 14-апрель күни мәлимлеме технологиялары тараўындағы нәтийжелер ҳәм быйылғы ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Бүгинги мәлимлеме технологиялары ҳәр бир тараўға кирип барған. Бул тараў раўажланса, басқа тараў да илгерилейди, адамларға қолайлылықлар көбейеди.

Сонлықтан кейинги жылларда инфраструктураны жақсылаў, маман кадрлар таярлаў бойынша көп жумыслар исленди. Хызметлердиң сапасы ҳәм көлеми сезилерли дәрежеде артты.

Мысалы, елатлы пунктлерди мобиль интернет пенен қамтып алыў дәрежеси 2017-жылы 30 процент болған болса, бүгинги күнде 96 процентти қурамақта. Ямаса 2017-жылы тараўдағы экспорт көлеми тек 600 мың доллар болған болса, өткен жылы бул көрсеткиш 46 миллион долларға, усы жылдың биринши шерегинде болса 16 миллион долларға жеткен.

IT-парклерде 11 мыңнан аслам жаслар ислемекте. «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде оқып шыққан жаслар тараўдың келешегине беккем тийкар жаратпақта.

Бирақ, еле машқалалар, иске қосылмаған имканиятлар да көп. Соның ишинде, аймақларда оптикалық талшықлы интернет пенен қамтыў ҳәм тезлиги талап дәрежесинде емес. Магистрал автомобиль жолларының тек ғана 38 проценти мобиль интернет пенен қамтып алынған. Тараўдың раўажланыў жағдайы аймақлар кесиминде бир қәлипте емес – IT-хызметлердиң  90 проценти Ташкент қаласына туўра келеди. Қарақалпақстан, Әндижан ҳәм Сурхандәрьяда бул бағдардағы көрсеткишлер жүдә төмен. Айырым министрлик ҳәм уйымлар ески, исенимсиз ҳәм өз-ара интеграцияланбаған мәлимлеме технологияларынан пайдаланып келмекте.

Мәжилисте усындай кемшиликлер көрсетип өтилип, барлық тармақ ҳәм аймақларда санластырыўды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Раўажланыў стратегиясында санлы экономиканы «драйвер» тараўға айландырып, IT-хызметлерин 2,5 есеге арттырыў ҳәм экспортты 500 миллион долларға жеткериў мақсети белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы буның ушын Өзбекстанды регионаллық IT-орайына айландырыў керек екенин атап өтти.

Хызметлер көлемин турақлы кеңейтип барыў, тараўда экспорт көлемин усы жылдың ақырына шекем 100 миллион долларға жеткериў бойынша көрсетпелер берилди. IT-парклерге көбирек компанияларды тартыў, аралықтан турып хызметлер орайын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Бул арқалы және 5 мыңнан аслам жаслар жоқары дәраматлы жумысқа ийе болады.

Мәжилисте «Санлы Өзбекстан – 2030» бағдарламасындағы жойбарлардың орынланыўы да талқыланды. Усы жылдың ақырына шекем 404 аймақлық ҳәм 133 тармақлық жойбар иске қосылатуғыны айтылды.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине және 70 хызметти Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына киргизиў тапсырылды. Усы тәризде порталдағы жәми хызмет түрлериниң саны 376 болады.

Сондай-ақ, пенсияға арза бериў, жеке гүўалық алыў, қамсызландырыў сыяқлы және 50 хызметтиң мобиль қосымшасы жаратылады. Бул арқалы мәмлекетлик хызметтен онлайн пайдаланыўшылардың саны 4 миллионға жетеди.

Телекоммуникациялар тармағын кеңейтиў бойынша да ўазыйпалар көп. Атап айтқанда, быйыл 6 мың 800 жаңа мобиль станция орнатыў, 80 алыс аўылды байланыс системасына  жалғаў, оптикалық талшықлы байланыс пенен қамтыўды 80 процентке жеткериў, 60 процент магистрал жолларды мобиль интернет пенен тәмийинлеў режелестирилген. Ташкент ўәлаятында жоқары қуўатлылықтағы Мағлыўматларды сақлаў ҳәм қайта ислеў орайы иске қосылады.

«Өзбектелеком» акционерлик компаниясын трансформациялап, сапалы хызметлерди экспорт ететуғын жоқары технологиялық компанияға айландырыў, халықаралық рейтинглер алыў бойынша көрсетпелер берилди.

Киберқәўипсизликти күшейтиў мәселелерине де итибар қаратылды. Барлық министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларын усы мәселеде сын көз қарастан үйренип, зәрүр илажларды көриў ўазыйпасы қойылды.

Тараўдағы және бир әҳмийетли ўазыйпа – илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў.

Бүгинги күнде экономиканы санластырыў ушын және 12 мың жоқары маманлықтағы қадрларға талап бар. Сол ушын Ташкент мәлимлеме технологиялары университетин илим ҳәм билимлендириў кластерине айландырыў, заманагөй IT-парк университетин шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Мәжилисте  додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылар мәлимлеме берди.

ӨзА