Өзиниң 85 жыллық юбилейин белгилеў алдында турған пайтахтымыздағы 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби республикамызға көп санлы талантлы жасларымызды тәрбиялап шығарып киятырған оқыў дәргайларының бири.
Мектеп оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламаларын шөлкемлестириў жолға қойылған болып, бул жас қосықшы ҳәм сазенделердиң өз талантларын жүзеге шығарыўға, ал устазларының болса, өз мийнетлериниң жемисин көриўге мүмкиншилик береди.
Мектептиң арнаўлы фортепиано бөлиминиң муғаллими Дилфуза Алимбетованың гезектеги класс концерти болып өтти. Концертке мектеп жәмәәти, оқыўшылар ҳәм ата-аналар қатнасты.
Концертте 2-класс оқыўшысы Умида Бекбергенова, 7-класс оқыўшысы Нурлыбек Өсербаев, 5-класс оқыўшысы Ақсүңгүл Жолдасовалар өз талантларын айрықша көрсетип, өз заманласларына үлги болыўға ҳәрекет етти.
– Концерт жоқары көтериңки руўхта өткерилип, тамашагөйлер үлкен заўық алды,-дейди мектеп муғаллими А.Жиемуратова. – Оқыўшылардың ата-аналары да перзентлериниң сахнаға дәслепки мәрте шығыўынан қуўанып, олардың жетискенликлеринен сүйсинип, мақтаныш етип отырды.
Бул дәргайды питкерген көплеген талантлы оқыўшылар ҳәзирги ўақытта үлкен сахналарға шығып, өзбек ҳәм қарақалпақ мәдениятын танытыўда салмақлы үлеслерин қосып келмекте. Бул оқыўшылар да сондай дәрежелерге жетиседи, деп үмит етемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги