Пакистан мусылман лигасы партиясының жетекшиси Шаҳбоз Шариф Пакистанның жаңа бас министри болып сайланды. Бирлескен оппозиция жетекшиси ҳәм И.Ханға исенимсизлик вотумы шөлкемлестириўшилеринен бириниң кандидатурасын 174 депутат қоллап-қуўатлады.
Шаҳбоз Шариф (70 жас) – Пакистанда үш мәрте бас министр лаўазымын ийелеген Навоз Шарифтиң иниси. Ш.Шариф Пакистанның ең ири ҳәм абырайлы ўәлаяты – мәмлекет халқының 60 проценти жасайтуғын Панджабқа үш мәрте басшылық еткен. Өткен ҳәптеде усы лаўазымға оның улы Ҳамза сайланған еди.
Жаңа бас министр «өш алыў сиясатын» алып бармайтуғын ҳәм мәмлекетте нызам үстинлигин тиклейтуғын коалициялық ҳүкимет дүзилетуғынын айтты. Соның менен бирге, Ш.Шариф Ҳиндстан менен тынышлық тәрепдары екенин, бирақ бул тек ғана Кашмир машқаласы шешилгенинен кейин жүз беретуғынын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги