2-апрель күни Дубай қаласында жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында қылышласыў бойынша жәҳән чемпионаты басланған еди.

Бул чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы спортшылары да табыслы қатнаспақта. Атап айтқанда, ерлер арасында Зухритдин Кадыров чемпионаттыӊ финалына шекем жетип барып, шешиўши гүресте германиялы қарсыласын 15-13 есабында жеӊип шығып, жәҳән чемпионы атағын жеӊип алыўға миясар болған болса,  Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиали Психология (спорт) қәнигелиги 2-курс студенти Зайнаб Дайыбековаға  қола медалы несип етти.

Бул жарыста Зайнабты ярым финальда жеӊип шыққан АҚШлы Магде Скарбонкевиш алтын медалды қолға киргизиўге еристи.

Бүгин Нөкис халықаралық аэропортында елимиз мақтанышы болған Зайнаб Дайыбекованы күтип алыў мәресими болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А. Данияров, Қарақалпақстан Республикасы  спортты раўажландырыў министри Р.Казаков, З.Дайыбекова оқып билим алып атырған оқыў орныныӊ професор-оқытыўшылары, студент-жаслары ҳәм спортшыныӊ жақынлары қатнасты.

Мәресимде тараў басшылары шығып сөйлеп, Зайнаб Дайыбекованы ерискен табысы менен қутлықлап, естелик саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы