Усы жыл 7-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма жетинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметиниң ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының жойбары туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова баянат жасады.

Нызам жойбарында ҳәрекеттеги 14 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, усы Нызам жойбарына муўапық «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының 20-статьясы алтыншы бөлиминдеги комитетлердиң атамасына тийисли өзгерислер киргизиў усыныс етилди.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қабыл етилген Нызамда Жоқарғы Кеңестиң айырым комитетлериниң атамаларына өзгерислер киргизилиўи белгиленген еди. Сонлықтан сессияның күн тәртибиндеги екинши мәселеде Жоқарғы Кеңестиң айырым комитетлери ҳәм комиссиялары туўралы мәселе көрип шығылды.

Жоқарғы Кеңестиң еки комитетиниң атамасы өзгертилди ҳәм жаңадан бир комитет дүзилди. Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар комитети-Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар, инновация ҳәм туризм мәселелери комитети, Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер комитети- Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети болып өзгертилди.

Жаңадан Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша комитети дүзилди.

Бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселеде Жоқарғы Кеңестиң айырым комитетлериниң атамаларына өзгерислер киргизилиўине байланыслы олардың қурамларына да қосымшалар киргизилди.

Бул мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан соң сессияда жаңадан дүзилген Жоқарғы Кеңестиң Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығын сайлаў мәселеси көрип шығылды.

Усы комитеттиң баслығы лаўазымына 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен депутат, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан-Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы Шарап Отемисовтың кандидатурасы усыныс етилди.

Бул мәселе бойынша  депутатлар тийисли қарар қабыл етти. Жоқарғы Кеңестиң Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығы етип Шарап Отемисов сайланды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының талапларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығын тайынлаў сессияның гезектеги мәселеси етип қойылды.

Оған муўапық, Судьялар Олий Кенгашиниң Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген жуўмағы тийкарында Жоқарғы Кеңес Баслығының усынысына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына Камал Тарихов кандидатурасы усынылды.

Талабанның өмирбаяны менен танысып шыққан депутатлар К.Тариховты Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына сайлаў және оны Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының пуқаралық ислери бойынша орынбасары лаўазымынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, сессия Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-декабрьдеги «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қаржы еркинлигин арттырыў, жергиликли бюджетлерге түсимлердиң толықлығын тәмийинлеў бойынша салық ҳәм қаржы уйымларының жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы  талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық басқармасының өткен жыл даўамында әмелге асырған жумысларының барысы бойынша есабатлары, «Қарақалпақстан Республикасында 2021-жыл даўамында жаслар менен ислесиўдиң жаңаша системасын енгизиў бойынша илажлар бағдарламасы»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлемеси, социаллық тараў, экономика тармақлары ҳәм көп қабатлы турақ жай фондының  2021-2022-жылларда гүзги-қысқы мәўсимде турақлы ислеўин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырған жумыслары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай-коммуналлық хызмет көрсетиў министриниң есабаты, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасының 2021-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары туўралы Өзбекстан Республикасы Орайлық Банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқарма баслығының есабаты тыңланды.

Депутатлар бул мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессия соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселе көрип шығылып, бул бойынша да депутатлар тийисли  қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери