Усы жыл 20-март күни Нөкис қаласындағы бир нешше орынларда жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамы сейиллери өткерилди.

Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда «Әссалам Наўрыз-жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» сүрени астында улыўма халықлық театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашасы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша байрамға кең көлемдеги таярлық жумыслары алып барылды.

Нөкис қаласының дыққатқа ылайықлы орынларының бири болған бул  майдан ҳәр қашанғыдан да гөззал көриниске бөленген. Әтирапқа халқымызға әзелден мийрас болып киятырған Наўрыз байрамына арналған шақырық-сүренлер жайластырылған. Ғайры нағыслар менен безелген қара үйлер тигилип, миллий буйымлар, саз-әсбаплар ҳәм миллий тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилген. Әсиресе, елимизде кеңнен раўажланып атырған өнерментшиликке айрықша итибар қаратылған.

Көп жыллық тарийхқа ийе Наўрыз -шығыс халықларының жаңа жылы өзиниң жаңаланыў, бәҳәр нәпесин баслап келиўи, халқымыздың тәбияты, жүреклерине терең сиңип кеткени, ҳәр бир шаңараққа қуўаныш алып келиўи менен әҳмийетли миллий байрам болып табылады. Миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген бул күн халқымызға тән кеңпейиллик, инсаныйлық, соның менен бирге, мийрим-шәпәәт әййямы есапланады. Бәҳәрдиң кирип келиўи менен атайы дийқанларымыз, фермерлеримиз үлкен нийетлер менен жерге туқым шашпақта.

Концерт бағдарламасы «Бәҳәр, бәҳәр!» атамасындағы композиция менен басланды. Буннан кейин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, «Айқулаш» қарақалпақ миллий фольклор ансамбли, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы, «Өзбекконцерт» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлимлери, «Мақом» ансамбли, қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлериниң хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасын халқымыз узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен тамаша етти.

Жас спортшылардың көргизбели шығыўлары, «Қыз жигитлер айтысы», республикамызда жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң дослығын сәўлелендириўши «Халықлар дослығы» композициялары сейил қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.

Нөкис қаласында өткерилген Наўрыз сейиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамына бағышланған сейиллер республикамыздың барлық районларында болып өтпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрнетлери.