Бүгинги күнде мыңлаған социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларымыз мәмлекетимиз емлеўханаларда бийпул қәнигелескен медициналық хызмет алыў ушын нәўбет күтпекте.

Буннан былай да, халық жеңилликли жоллама менен тек ғана мәмлекетлик емлеўханаларға емес, ал өзи таңлаған жеке меншик клиникаларға да биймәлел барыўы мүмкин болады. Емлениў ушын ажыратылған қаржы болса бийтаптың изинен жеткерилди.

Қайталап айтаман –  биз ушын медицина мәкемелериниң мүлкшилик формасы әҳмийетли емес. Ең тийкарғы мақсетимиз – адамларымыздың денсаўлығын сақлаў, олардың дәртине даўа болыўдан ибарат».

Мәмлекетимизде ең зәрүр болған дәри-дәрмақ қуралларының баҳасын кеминде 30 процентке арзанлатыў бойынша барлық илажлар көриледи.

Бул ушын, келеси бес жылда дәри-дәрмақ ҳәм медицина қуралларын ислеп шығарыўдың көлеми 3 есеге арттырылып, жергиликли дәри қураллары менен тәмийинлениў дәрежеси 80 процентке жеткериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги