Пайтахтымыздағы «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң елимиз денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери менен ашық сөйлесиўи басланды.

Бундай илаж мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте өткерилип атырғанын атап өтиў лазым. Онда тараўды және де раўажландырыў, системалы машқалаларды сапластырыў илажлары додаланады, медицина хызметкерлериниң пикир-усыныслары тыңланады.

Ашық сөйлесиўге таярлық шеңберинде медицина хызметкерлери ҳәм халықтан 25 мыңнан аслам мүрәжатлар ҳәм усыныслар келип түскен. Олар талланып, «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарында елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халқымызға медициналық хызмет көрсетиў нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған кең көлемли илажлар ислеп шығылды.

Сөйлесиўде «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында 1000 нан аслам, ўәлаят ҳәм районлардағы студияларда болса жәми 13 мыңнан аслам денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери қатнаспақта.

З.ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА