Президент Шавкат Мирзиёев 16-март күни Мәмлекетлик салық комитетиниң Мағлыўматларды қайта ислеў орайын барып көрди.

Елимизде халық ҳәм бизнес ушын қолайлықларды көбейтиў, инсан араласыўын азайтыў мақсетинде салық уйымларының жумысы избе-из санластырылмақта. Атап айтқанда, бул орай Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги пәрманына муўапық, толық жаңаланды. Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған 100 миллиард сум есабынан имаратлар оңланып, үзликсиз электр тәмийнаты қурылмалары, прецизиялық кондиционерлер, үлкен көлемдеги сервер ҳәм компьютерлер менен үскенеленди.

Нәтийжеде орайдың қуўатлылығы 8 есеге артты, электрон хызметлердиң көлеми кеңейди. Жеке карточкаларда сальдо қатарларын есаплаў сыяқлы қыйын процесслер 10 есеге жеделлести. Мәселен, бурын республика бойынша есаплаўға 24 саат кеткен болса, енди бул процесс 2-3 саатта әмелге асырылмақта. Бул жасырын экономиканы қысқартыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Киберҳүжимнен қорғаў, бизнес-аналитика технологиялары енгизилди. «e-ijara», «e-imtiyoz», «Қосымша қун салығы төлеўшилери», «Салық тексериўшилери», «Автоматластырылған камерал қадағалаў системасы», «Салық үзилиси коэффициенти» сыяқлы жаңа программалық өнимлер ислеп шығылды.

Бул орайды елимиз салық системасының «мийи» деп айтыў мүмкин. Бул жерге барлық салық төлеўшилердиң мағлыўматлары интеграцияланған. 50 ге шамалас тәжирийбели қәниге салық айланысын онлайн режиминде бақлап, аралықтан жедел хызмет көрсетеди.

Мәмлекетимиз басшысы орайдағы жумыс процесин көзден өткерди. Салық уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Бул жерде тараў қәнигелериниң қатнасыўында тараўды жетилистириў бойынша гезектеги ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерилди.

Кейинги жылларда елимиздиң салық ҳәкимшилиги түп-тийкарынан реформаланбақта. 2019-жыл декабрьде жаңа редакциядағы Салық кодекси қабыл етилип, тиккелей қолланылатуғын нормалар енгизилди. Салықлардың саны 13 тен 9 ға азайтылды. Мүлк салығы ставкасы 5 проценттен 1,5 процентке, қосымша қун салығы 20 проценттен  15 процентке түсирилди. Мийнет ҳақыға салыстырғанда салық жүги дерлик 2 есеге кемейтиледи.

Булардың нәтийжесинде исбилерменлердиң реформаларға исеними артып, салық түсимлери 4 есеге көбейди. Қосымша қун салығын төлеўшилердиң саны 6 мыңнан 152 мыңға жетти.

Раўажланыў стратегиясында бул бағдардағы реформаларды даўам еттирип, салық ҳәкимшилигин жеңиллетиў ўазыйпалары белгиленген.

– Биз инсан қәдирин улығлаўды жәрияладық, халқымызды разы етиўге ҳәрекет етип атырмыз. Халқымыз қашан разы болады? Салық аз болып, дәрамат көбейсе, –  деди Шавкат Мирзиёев.

Атап айтқанда, 2026-жылға барып экономикаға салық жүгин  25 процентке шекем азайтыў мақсет етилген. Сондай-ақ, 2023-жылдан қосымша қун салығын 12  процентке шекем түсириў, кейин ала болса жер  ҳәм мүлк салықларын бирлестириў мөлшерленген.

Мәжилисте дәслеп жуўапкерлер орынланған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.

Мәмлекетимиз басшысы салық уйымларының жумысын жақсылаў, бул ушын мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

Буның нәтийжесинде процесслер толық автоматластырылады, жасырын экономиканың көлемин кемейтиў ушын салық тосқынлықлары сапластырылады, кадрлар потенциалы беккемленеди.

Мәмлекетимиз басшысы дүньядағы тез өзгериўшең, қыйын жағдайда салық түсимлери турақлылығын тәмийинлеў, исбилерменлерге жәрдем бериў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

– Мен бул жерге салық төлеўшилердиң ўәкили болып келдим, – деди Президент. – Бизге ҳәзир түсим тийкарғысы емес. Биринши гезекте, системаны дурыслап, билмегенлерге үйретип, салық жүгин кемейтип, исбилерменлердиң емин-еркин, ҳадал ислеўин жолға қойыўымыз керек. Салықшылар жазалаўшы емес, көмекши болыўы керек.

Айтып өтилгениндей, айырым жағдайларда исбилерменлер жаңа бағдарлама ҳәм талапларды түсинбегени себепли көплеген сораўлар да пайда болмақта. Сол ушын «Салықшы – көмекши» принципи тийкарында оларға жаңаша ислеўди үйретиў, электрон хызметлерди камтыўды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Салық комитетине барлық аймақларда исбилерменлер менен сөйлесиўлер өткериў, ғалаба хабар қураллары арқалы халыққа есап берип барыў ўазыйпасы жүкленди.

Салық системасы мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаўға белсене қатнасыўы, оларға өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм қаржы турақлылығы бойынша жол-жоба көрсетиўи зәрүрлиги айтылды.

Мәлим болғанындай, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-ноябрьдеги қарарына муўапық, Мәмлекетлик салық комитети жанында Фискал институт шөлкемлестирилген еди. Мәмлекетимиз басшысы ол жерде кадрлар таярлаўдың сапасына итибар қаратты. Салық уйымлары хызметкерлерин системада енгизилип атырған жаңа IT – бағдарламалар бойынша оқытыў, сондай-ақ, сырт елде қәнигелердиң маманлығын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Салық уйымларын коррупциядан жырақ системаға айландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА