15-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм сайланған Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан тәрепин оғада үлкен сиясий илаж – Президент сайлаўының табыслы өткерилгени, онда Сердар Бердимуҳамедовтың исенимли жеңиске ерискени менен шын жүректен қутлықлап, туўысқан Түркменстан халқына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын избе-из беккемлеўге қаратылған биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге исеним билдирилди.

Еки тәреплеме қатнасықлардың күн тәртиби ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери де додаланды.

Мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў унамлы пәт пенен раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылдың жуўмақлары бойынша өз-ара товар алмасыў ҳәм жүк тасыўдың көлемлери сезилерли дәрежеде артты. Шегаралас аймақлар ҳәм жетекши кәрханалар дәрежесинде тығыз байланыслар жолға қойылды. Санаат, транспорт, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында анық кооперациялық жойбарларды алға қоймақта.

Буннан тысқары, еки мәмлекет жетекшилери парламентлер арасындағы жедел сөйлесиўди, соның ишинде, халықаралық шөлкемлер көлеминде даўам еттириў зәрүрлигин атап өтти.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси көрип шығылды.

ӨзА