Статистика басқармасыныӊ мағлыўматы бойынша 2017-жыл 1-январь ҳалатына Қарақалпақстанда халық саны 1 817, 5 мыӊ адамды қураған. Халық көп жайласқан аймақлар Нөкис қаласы, Төрткүл, Хожели, Әмиўдәрья районлары болып, бул аймақларда жасаўшы халық саны пүткил Қарақалпақстан халық саныныӊ дерлик ярымын қурайды.

2016-жыл январь-декабрь айлары аралығында Қарақалпақстанда туўыўшылық көрсеткиш – 39427 болған болса, өлимшилик – 8396ны қураған. Некелер саны 12 760 болған болса, ажырасыўлар – 1075ти қураған. Республикаға келгенлер саны – 9866, шығып кеткенлер – 14 449.

Төменде қала ҳәм районлар кесиминде халық саны ҳаққында мағлыўмат пенен толығырақ танысыўыӊыз мүмкин:

2017-жыл 1-январь ҳалатына (мыӊ адам)
Қарақалпақстан Республикасы1 817,5
Нөкис қ.307,4
  Районлар:
1. Әмиўдәрья188,7
2. Беруний180,5
3. Қараөзек51,5
4. Кегейли88,0
5. Қоңырат125,2
6. Қанлыкөл49,1
7. Мойнақ30,6
8. Нөкис районы47,1
9. Тахтакөпир39,4
10. Төрткүл203,1
11. Хожели189,5
12. Шымбай112,7
13. Шоманай54,8
14. Елликқала149,9