Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 қарары

Елимизде телекоммуникация инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм кеңейтиў бойынша көрилип атырған комплексли шөлкемлестириў-техникалық илажлар телекоммуникация хызметлериниң сапасын жақсылаўға ҳәм түрлерин көбейтиўге, соның ишинде, мобиль байланыс пенен қамтыўды кеңейтиўге имканият бермекте.

Соның менен бирге, алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлерде, туристлик ҳәм рекреациялық аймақларда, магистраль автомобиль ҳәм темир жоллар бойында телекоммуникация инфраструктурасын, сондай-ақ, Интернет тармағына сымсыз  кең полосалы жалғаныў тармақларын раўажландырыў пәтлери жеткиликли емес.

Телекоммуникация тармағын жедел раўажландырыўға кери тәсир ететуғын факторларды сапластырыў, электрон мәмлекетлик хызметлердиң ғалабалығын тәмийинлеў, сондай-ақ, аймақларда цифрлы экономиканың раўажланыўы ушын зәрүр инфраструктураны жаратыў мақсетинде:

  1. Телекоммуникация тармақлары, қурылмалары, қураллары ҳәм объектлери, операторлар ҳәм провайдерлердиң мобиль байланыс базалық станциялары, соның ишинде, ижараға бериўшилердиң аймақларда ижара тийкарында орнатылған станциялар (кейинги орынларда – телекоммуникация объектлери) мүлкшилик түрине қарамастан, инженерлик-коммуникация инфраструктурасы объектлери есапланатуғыны;

инженерлик-коммуникация инфраструктурасы объектлери, соның ишинде, кабель канализациясы, төмен токлы кабель шахталары, телекоммуникация қурылмаларын орнатыў ушын майданлар ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленбеген жәмийетлик, санаат, турақ жай, администравтивлик имаратлар ҳәм объектлерди қурыў және пайдаланыўға қабыл етиўге жол қойылмайтуғыны, жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлер 2019-жыл 1-июльге шекем тастыйықланған имаратлар ҳәм объектлер буған кирмейтуғыны;

телекоммуникация объектлерин көшириў, қайта орнатыў, сондай-ақ, олардың жумысына үшинши шахслар тәрепинен ҳәр қандай араласыў жүзеге келген машқалаларды шешиўдиң басқа имканиятлары болмаған жағдайда ғана және тек усы объектлердиң ийеси менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны, бунда телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлериниң телекоммуникация объектлерин көшириў ямаса қайта орнатыў, оларды сазлаў жумысларын әмелге асырыў бойынша қәрежетлери усы өзгерислердиң интакерлери тәрепинен толық көлемде қапланатуғыны;

имаратта жасаўшылардан телекоммуникация хызметлерин усыныўға арза бар болғанда жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлерине имарат ишинде телекоммуникация тармақларын төмен токлы кабель шахталары, телекоммуникация қурылмаларын орнатыў ушын майданлар ҳәм инфраструктурадан бийғәрез тийкарда пайдаланған ҳалда өткериўди бийкар етиўге ямаса тосқынлық етиўге ҳақылы емес екени, мобиль байланыстың базалық станцияларын орнатыў буған кирмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2019-жыл 1-августтан сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық:

а) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлерде жайласқан бюджет шөлкемлери ушын телекоммуникация  инфраструктурасын жаратыўды тәмийинлеген телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлерине, мобиль байланыс операторларынан тысқары, 10 жыл даўамында төмендегилерге кепиллик бериледи:

олардың хызметлеринен алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлердеги бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары пайдаланыўы;

«Өзбектелеком» АК тәрепинен Интернет тармағына кириў хызметин жалғаныў орнына қарамастан бирден-бир тариф бойынша усынылыўы;

алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлердеги бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары тәрепинен усы шөлкемлерге, сондай-ақ, усы  аймақтағы халыққа ҳәм басқа да юридикалық шахсларға хызмет көрсетиўге мөлшерленген телекоммуникация қуралларын орнатыў ушын майданлар ҳәм инфраструктураларды бийғәрез тийкарда усыныў;

б) телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлериниң пайда салығы және бирден-бир салық төлемин есаплаўда салық салынатуғын база алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлердеги бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары ушын инженерлик-коммуникация инфраструктурасы объектлерин жаратыўға қаратылған қаржылар суммасына азайтылады.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлердеги бюджет шөлкемлерине, олар телекоммуникация тармақларына жалғанғаннан соң, олардың буйыртпалары бойынша телекоммуникация хызметлеринен пайдаланыўы ушын зәрүр қаржыларды ажыратсын.

  1. Wi-Fi технологиясы бойынша сымсыз мағлыўматлар жеткериў ушын сигнал қуўатлылығына қарамастан 2400-2483,5 МГц ҳәм 5000-5999 МГц радиочастота полосаларында экплуатациялық жыйым ҳәм радиочастота спекторынан пайдаланғаны ушын төлем өндирилмейтуғыны;

мәмлекетлик көшпес мүлктен телекоммуникация объектлерин орнатыў ушын пайдаланыў ижара төлеминиң ең кем ставкалары, көбейтиўши коэффициентлерди қолланбаған ҳалда, «сымлы электр байланысы»нан пайдаланыў мақсети бойынша ставкаға тең муғдарда қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлерине 2019-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик субдоменинде (gov.uz) жайластырылған мәлимлеме ресурсларына кириўде қолланылатуғын трафик ушын ҳақы алмаў усыныс етилсин.
  2. Телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлерине 2022-жыл 1-январьға шекем телекоммуникация объектлерин қурыў-монтажлаў жумысларын, радиоэлектрон қуралларын орнатыў майданшаларын (орынларын) орнатылған тәртипте келискеннен соң, жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў менен параллел түрде әмелге асырыўға бурынғысынан басқаша тәризде руқсат етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жәмийетлик, административлик, турақ жай ҳәм санаат мақсетлериндеги имаратлар менен объектлерди жойбарлаўға тапсырмаларды және жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм келисиў басқышларында мәжбүрий тәртипте төмендеги талапларды нәзерде тутсын:

имаратларда телекоммуникация объектлерин орнатыў ушын тийисли майданлар ҳәм инфраструктураларды, оларға электр тәмийнатын алып келген ҳалда, ажыратылыўын;

имаратлардың ишинде телефония, мағлыўматлар жеткерип бериў ҳәм Интернет тармақлары, кабельли телевидение ҳәм эфир телевидениясын жәмийетлик қабыл етиў системалары, сондай-ақ, «қәўипсиз үй» ҳәм қорғаў сигнализациясы кабельлерин өткериў ушын төмен токлы кабель шахталары бар екенин;

турақ жай, жәмийетлик, административлик ҳәм санаат аймақларында телекоммуникация линияларын тартыў ҳәм телекоммуникация объектлерин (телекоммуникация шкафлары, антенна минаралары, мачталары ҳәм басқалар) орнатыў ушын тийисли жер участкалары ажыратылыўын.

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги:

телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлерине телекоммуникация объектлерин орнатыўға ҳәр тәреплеме жәрдем берсин, сондай-ақ, зәрүрликке қарай, олардың темир жоллар бойындағы электр тармақларына жалғаныўын тәмийинлесин;

жол-транспорт  инфраструктурасын қурыў ҳәм капитал оңлаўда бир ўақытта темир жолларды бойлап, сондай-ақ, зәрүрликке қарай, автомобиль жолларының бойына келешекте телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлерине ижараға бериў ушын телекоммуникация канализациясын қурыўды нәзерде тутсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:

Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте телекоммуникация инфарструктурасын жаратыў және алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлердеги бюджет шөлкемлерине, сондай-ақ, халыққа ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерге хызмет көрсетиў бойынша жойбарларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында әмелге асырыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

еки ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаят орайларында исбилерменлик субъектлери, соның ишинде, телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлериниң сервер және телекоммуникация қурылмаларын заманагөй майданшаларда орналастырыў бойынша хызметлер комплексин усынатуғын хостинг ҳәм трафик алмасыў орайларын шөлкемлестириў бойынша «Жол картасын» ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Ашық мағлыўматлар порталында кең полосалы жалғаныў ҳәм мобиль Интернет қамтыўы зоналары ҳаққында аймақлар кесиминдеги мағлыўматларды жәриялап барсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлериниң мүрәжатлары тийкарында алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлерде, туристлик ҳәм рекреациялық зоналарда, магистраль автомобиль ҳәм темир жоллардың бойларында турақлы пайдаланыў (ямаса узақ мүддетли ижара) ҳуқықында телекоммуникация тармақларын, соның ишинде, оптикалық-талшықлы байланыс линияларын, антенна минарасын ҳәм мачталарын және телекоммуникация объектлерин орнатыў ханаларын қурыў ушын жер участкаларының өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте алдынғы халықаралық тәжирийбеден келип шыққан ҳалда мобиль байланыс ҳәм сымсыз жалғаныў қурылмаларынан ҳәр қыйлы частоталардағы электромагнит нурланыў тәсири қәўипсизлигиниң санитариялық қағыйдаларын ҳәм нормаларын қайта көрип шықсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги «Өзбекэнерго» АЖ менен биргеликте алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлерде, туристлик ҳәм рекреациялық зоналарда, магистраль автомобиль ҳәм темир жоллардың бойларында төмендегилерди өз ўақтында тәмийинлеп барсын:

телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлериниң мүрәжатлары бойынша телекоммуникация объектлерин электр тармақларына жалғаў;

ўәлаятлар ҳәм районлардың орайларындағы мобиль байланыс тармақлары базалық станцияларын және телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлериниң орайлық түйинлерин, телерадиоеситтириў объектлерин электр тармақлары өширилмейтуғын категориялы объектлердиң қатарына киргизиў;

электр тармақларының таяныш бағаналарына телекоммуникация тармақларын бийғәрез тийкарда орнатыўға (асыўға) руқсат бериў.

  1. 2022-жыл 1-январьға шекем юридикалық шахслар тәрепинен алып келинетуғын телекоммуникация қураллары қосымшаға муўапық бажыхана төлемлерин төлеўден (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларындағы туристлик объектлерде басқышпа-басқыш, соның ишинде, 2019-жыл мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде Интернет тармағынан сымсыз пайдаланыў бойынша ғалабалық орайларды шөлкемлестирсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ушын товарлар (жумыслар, хызметлер)ды сатып алыўға техникалық тапсырмаларды комплексли экспертизадан өткериў ҳәм тийисли жуўмақ бериўди олар киргизилген сәнеден баслап еки ҳәпте мүддетте тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:

алдыңғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда телекоммуникация объектлерин алып кириў, жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыўға қабыл етиўде рухсат бериўдиң тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм қысқартыў;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 22-май