Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Елимизде жергиликли зергерлик тармағын тиклеў ҳәм раўажландырыў бойынша избе-из ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. Ислеп шығарыўшыларға баҳалы металлардан пайдаланыў имканиятының берилиўи ислеп шығарылып атырған жергиликли зергерлик өнимлериниң көлемин кеңейтиў имканиятын жаратты.
Соның менен бирге, тараўда системалы кемшиликлердиң бар екени инвестицияларды жедел тартыў, сапалы зергерлик өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жумыс алып барып атырған қуўатлылықларды модернизациялаў ҳәм жаңаларын шөлкемлестириў, усы өнимлердиң экспортын кеңейтиўге тосқынлық етип, тармақтың раўажланыўына кери тәсир етпекте.
Сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы зергерлик өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, тармаққа сырт ел инвестицияларын жедел тартыў, бәсекиге шыдамлы ҳәм сапалы зергерлик буйымларын таярлаўда жергиликли ислеп шығарыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, республика зергерлик тармағын жедел раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясының 2019-жыл 1-июльден баслап төмендеги тәртипти енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын лицензияға ийе болған жергиликли өндириўшилерге ислеп шығарыўшының дизимнен өткерилген жеке тамғасын буйымға басыў шәрти менен мәмлекетлик сапалылық дәрежеси белгисин мәжбүрий түрде қоймастан өзи ислеп шығарған, зергерлик және баҳалы металлар менен баҳалы таслардан исленген басқа буйымлардың (кейинги орынларда – зергерлик буйымлары) сапалылық дәрежесин еркин белгилеў ҳәм оларға белгиленген үлгидеги сапалылық дәрежеси белгисин басыў ҳуқықы берилсин.
Бунда тамға қойыў ҳәм сапалылық дәрежеси белгисин қуйыў тәртибин бузған және көрсетилген үлгиге муўапық келмейтуғын зергерлик буйымларын сатыўшы жергиликли ислеп шығарыўшылар зергерлик тармағындағы өз жумысына жуўапкершилиги жоқ исбилерменлик субъектлери реестирине киргизиледи, оларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген, соның ишинде, лицензия ямаса рухсат беретуғын басқа да ҳүжжеттиң әмел етилиўин тоқтатыў бойынша тәсир илажлары қолланылады;
зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын лицензияға ийе болған жеке тәртиптеги исбилерменлер өзлери ислеп шығарған өнимди еркин түрде усақлап сатыў, сондай-ақ, халықтан баҳалы металл бөлекшелерин, баҳалы таслар ҳәм олардан исленген буйымларды өндирис мақсетлеринде сатып алыў ҳуқықына ийе;
устав фондында мәмлекетлик үлес болмаған ямаса мәмлекетлик үлес 50 проценттен аз болған юридикалық шахслар, сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлер өндиристе баҳалы металлар ҳәм тасларды жумсаў, есабын жүргизиў ҳәм сақлаў тәртибин еркин түрде белгилейди;
физикалық шахсларға нырқы 5 000 (бес мың) АҚШ долларынан зыят болған таяр зергерлик буйымларын жолаўшы бажыхана декларациясын толтырған ҳалда Өзбекстан Республикасынан сыртқа алып шығыўға руқсат бериледи;
зергерлик буйымларының усақлап сатыў саўдасы айырым түрдеги товарлар менен усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйым объекти есапланбайды;
исбилерменлик субъектлери алтын излеўшилик жумысы шеңберинде зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларды тәмийинлеў ушын баҳалы ҳәм ярым баҳалы тасларды қазып алыўы мүмкин;
зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын лицензияға ийе болған жеке тәртиптеги исбилерменлер «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясында ықтыярлы түрде бирден-бир шөлкемге бирлесиў арқалы қатнасқан жағдайда, оларға нызам ҳүжжелеринде нәзерде тутылған ҳуқықлар менен миннетлемелер, сондай-ақ, ассоциация ағзаларының жеңилликлери ҳәм преференциялары енгизиледи.
- Коммерциялық банклер ҳәм зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға төмендеги ҳуқықлар берилсин:
«Навоий КМК» МК ҳәм «Олмалиқ КМК» АЖдан баҳалы металларды (алтын ҳәм гүмис) өлшеў пластиналары көринисинде, сондай-ақ, 5 грамм ҳәм оннан зыят болған салмақтағы гранулаларды (баҳалы металлардың сап аўырлығына қайта есапланғанда) Лондон баҳалы металлар биржасының азанғы фиксинги миллий валютада сатып алыў;
сатып алынған баҳалы металларды басқа зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға сатыў.
«Ўзстантдарт» агентлиги «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясы «Навоий КМК» МК ҳәм «Олмалиқ КМК» АЖ менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнтти әмелге асырыў имканиятын тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда баҳалы металлар (алтын ҳәм гүмис) өлшем пластиналары және гранулаларының мәмлекетлик стандартын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- 2019-жыл 1-июньнен баслап баҳалы металларды сатып алыў ушын берилген миллий валютадағы коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан асатуғын, бирақ кредитлер бойынша 5 процентлик пункттен зыят болмаған бөлиминде қаплаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсациялаў арқалы жергиликли зергерлик өнимлерин ислеп шығарыўшыларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизми енгизилсин.
Қаржы министрлиги зәрүрликке қарай, Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына усы бәнтте көрсетилген мақсетлер ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан 2019-2020-жылларда 40 миллиард сумға шекемги муғдарда қаржы ажыратсын.
- Өзбекстан Банклер ассоциациясы коммерциялық банклер менен биргеликте зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар баҳалы металларды сатып алыўы ушын қысқа мүддетли револьвер (қайта тикленетуғын) кредитлерди ажыратыў әмелиятын кеңейтсин.
- 2022-жылдың 1-июлине шекем:
баҳалы металлар ҳәм жергиликли зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў обороты қосымша қун ҳәм акциз салығынан;
белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Өзбекстан Республикасына алып келинетуғын баҳалы ҳәм ярым баҳалы таслар бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлары буған кирмейди) азат етилсин.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоров жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының Салық кодекси жойбарына усы бәнтте нәзерде тутылған салық жеңилликлерин киргизсин.
- 2019-жыл 1-июльден баслап гезектеги жылға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери қәлиплестирилип атырғанда муғдарын ҳәр жылы индексация еткен ҳалда, алтыннан исленген зергерлик буйымларын усақлап сатқаны ушын 1 граммына 1 000 (бир мың) сум муғдарында жыйым енгизилсин.
- 2019-2023-жылларда Өзбекстан Республикасында зергерлик тармағын раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясы менен биргеликте 2020-жылдың ақырына шекем исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўында ҳәр бир аймақ кеминде еки, Ташкент қаласында болса кеминде он таяр зергерлик буйымларын ислеп шығарыўдан сатыўға шекем болған толық процессти өз ишине алатуғын заманагөй зергерлик саўда-өндирис орайларын шөлкемлестирсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте анық интакерлер, жайластырыў мәнзили, қаржыландырыў дәреклери, зергерлик буйымларын ислеп шығарыў (сатыў) көлемлерин көрсеткен ҳалда заманагөй зергерлик саўда- өндирис орайларын шөлкемлестириў кестесин тастыйықлаў, сондай-ақ, бул орайларды шөлкемлестириў бойынша басқа да зәрүр шөлкемлестириў илажларын нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бир ай мүддетте 2-қосымшаға муўапық зергерлик саўда-өндирис орайларының жумысын шөлкемлестириў ушын объектлерди «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясына тапсырсын.
- «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясы, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги және Қаржы министрлигиниң «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясы жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда Зергерлик тармағын раўажландырыў қорын (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:
2019-жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 5 миллиард сум муғдарындағы қаржылары, 2020-2021-жылларда болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәлиплестирилип атырғанда алтыннан исленген зергерлик буйымларын усақлап сатқаны ушын жыйымның 50 проценттен аз болмаған муғдары түсиўи есабынан зәрүр қаржыларды нәзерде тутыў;
халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет финанс шөлкемлериниң грантлары;
нызам ҳүжжелеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Қордың қаржыларынан төмендегилер ушын пайдаланылатуғыны белгилеп қойылсын:
зергерлик өнимлерин ислеп шығарыўшыларды ҳәр тәреплеме, соның ишинде, перспективалы инвестициялық жойбарлардың жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыўды қаржыландырыў арқалы қоллап-қуўатлаў;
тутыныў базарында сапасы төмен контрафакт зергерлик буйымларының сатылыўы, сондай-ақ, олардың нызамсыз айланысына жол қоймаў ушын жәмийетлик қадағалаўды орнатыў;
зергерлик тармағы қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў орайларын шөлкемлестириў;
жергиликли зергерлик брендлерин алға қойыўға, соның ишинде, елимизде ҳәм сырт елде зергерлик буйымлары ҳәм ярмаркаларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, жергиликли ислеп шығарыўшылардың усындай илажларға кеңнен қатнасыўын тәмийинлеў арқалы жәрдемлесиў;
өзин-өзи қаржыландырыў шәртлеринде, соның ишинде, исбилерменлик субъектлери тәрепинен әмелге асырылатуғын баҳалы металлар ҳәм зергерлик буйымларын таллаў ҳәм сапалылық дәрежесин қадағалаў шақапшаларын (мини-лабораторияларды) шөлкемлестириў;
зергерлик тармағындағы сырт елли мәсләҳәтшилерди ҳәм экспертлерди тартыў, «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясының ағзаларын ҳәм хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў;
«Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, оның хызметкерлерин мийнет ҳақы менен тәмийинлеў.
- Өзбекстан Республикасы Орайлық банки жанындағы Баҳалы металлар агентлигиниң Мәмлекетлик сапалылық дәрежесин белгилеў палатасы (кейинги орынларда – Сапалылық дәрежесин белгилеў палатасы) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги қараўына өткерилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Сапалылық дәрежесин белгилеў палатасының жумысын шөлкемлестириў бойынша ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- Исбилерменлик субъектлерине ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен берилетуғын лицензия тийкарында аффинаж жумысы менен шуғылланыў, соның ишинде төмендеги ҳуқықлар берилсин:
баҳалы металларды сатып алыў ҳәм сатыў ушын биржа саўдаларына қатнасыў;
халықтан баҳалы металларды, соның ишинде, алтын излеўшилер усылында қазып алынған баҳалы металларды, зергерлик буйымларын, оларды ислеп шығарыўдан пайда болған бөлекшелер ҳәм шығындыларды сатып алыў;
баҳалы мелларды сатып алыў ҳәм сатыў шақапшаларын, соның ишинде, мәмлекетимиз аймақларында ашыў.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте аффинаж жумысын лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Мәмлекет дәраматына қаратылған баҳалы металл бөлеклери және баҳалы металлар, ярым баҳалы ҳәм баҳалы таслар және мерўерттен исленген буйымлар көринисиндеги байлықлар, ийесиз байлықлар, ғәзийнелер, сондай-ақ, мүлк ийелери тәрепинен мәмлекет дәраматына пулсыз тапсырылған байлықлар (археологиялық ҳәм музей буйымлары ямаса музей коллекциялары және мәдений қунға ийе болған буйымлар буған кирмейди) зергерлик тармағының мәпдар қатнасыўшыларына алдыннан толық ҳақы төлеў шәрти менен төмендеги тәртипте сатылатуғыны белгилеп қойылсын:
баҳалы металлар – төлем есабы жазылған сәнедеги Лондон баҳалы металлар биржасының азанғы фиксинг баҳасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң курсы бойынша;
ярым баҳалы ҳәм баҳалы таслар және мерўерт – тийисли қәрежетлер қарыйдарлар тәрепинен қапланған ҳалда баҳалаў шөлкемлери тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылған баҳалаў тийкарында.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясының буйыртпалары тийкарында 2019/2020 оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик техника университетинде «Зергерлик буйымлары дизайни» бағдары бойынша өз алдына топарларды шөлкемлестирген ҳалда зергерлик тармағы ушын кадрлар, сондай-ақ, кәсип өнер колледжлеринде зергерлик тармағы қәнигелери таярланыўын тәмийинлесин.
- 2020-жылдан баслап сырт еллердиң зергерлик тармағы ўәкиллери, сырт елли инвесторлар, экспертлер ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда «Uzbek Jewellery Fair» зергерлик санаатының заманагөй әсбап-үскенелери, технологиялары ҳәм буйымларының жыллық халықаралық көргизбе-саўдасын өткериў әмелияты енгизилсин.
«Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын көргизбелерде юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен зергерлик буйымлары сатылыўының әпиўайыластырылған тәртибин нәзерде тутқан ҳалда бир ай мүддетте көргизбе-саўданы шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәмлекетлик салық комитети Жоқарғы суд, Бас прокуратура ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте төмендегилерди қолланған ҳалда сапалылық дәрежесин белгилеў ҳәм тамға қойыўдың белгиленген тәртибин бузған ҳалда, сондай-ақ, кирим етилмеген зергерлик буйымларын сатқаны ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын ислеп шықсын және Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:
ҳуқықбузарлық биринши мәрте исленгенде – зергерлик буйымын конфискация етпеген ҳалда оның қунының 50 проценти муғдарында жәрийма салыў көринисиндеги финанслық жаза;
бул ҳуқық бузарлық бир жыл даўамында қайталап исленгенде – зергерлик буйымын конфискация етиў ямаса оның қунының 100 проценти муғдарында жәрийма салыў көринисиндеги финанслық жаза.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте тиккелей әмел ететуғын «Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар ҳаққында»ғы нызам жойбары қайта ислениўин тәмийинлесин ҳәм онда төмендегилерди нәзерде тутсын:
баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар айланысы тараўындағы қатнасықларды комплексли ҳуқықый тәртипке салыў;
зергерлик буйымлары сапалылық дәрежесин белгилеў ҳәм тамға қойыў системасын, сондай-ақ, олардың сапасын қадағалаўдың тәртип-қағыйдаларын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик мезанизмин қолланған ҳалда жетилистириў;
баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар айланысы тараўындағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да қатнасыўшылардың ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилик тараўын анық шеклеў;
тармаққа инвестициялар, соның ишинде, сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў ҳәм бәсеки орталығын жақсылаў.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Сапалылық дәрежесин белгилеў палатасы, «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте зергерлик буйымларының нызамсыз айланысына шек қойыў, соның ишинде, тийисли тәризде тамға басылмаған ҳәм сапалылық дәрежеси болмаған қәлбеки буйымлардың усақлап сатыў саўдасына жол қоймаў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлердиң комплексли режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясы Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте зергерлик тармағында жаратылған қолайлы имканиятлар, қабыл етилген нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәниси ҳаққында кең түрде түсиник жумысларын алып барсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети:
еки ай мүддетте алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў ушын республикада бар болған баҳалы ҳәм ярым баҳалы таслардың кәнлерин хатлаўдан өткерсин;
минерал- шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта ислеп шығарыў жыллық бағдарламасы шеңберинде зергерлик ҳәм безелген товарлардың санаат зәрүрликлери ушын жарамлылығын есапқа алған ҳалда баҳалы ҳәм ярым баҳалы тасларды разведкалаў бойынша жойбарларды әмелге асырсын.
- Экономика ҳәм санаат министрлиги Қаржы министрлиги және Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте халықаралық тәжирийбени үйрениў тийкарында еки ай мүддетте республикада металлар менен байланыслы келисимлерди дүзиўге қәнигелескен товар биржасын шөлкемлестириўге байланыслы усынысты Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Орайлық банк пенен биргеликте еки ай мүддетте Орайлық банк жанындағы Баҳалы металлар агентлигиниң зергерлик тармағын тәртипке салыў бойынша айырым функциялары ҳәм ўәкилликлери Сапалылық дәрежесин белгилеў палатасына берилгенин есапқа алып, усы агентликтиң жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым нызам ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 4-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Экономика ҳәм санаат министрлиги Орайлық банк, Қаржы министрлиги, «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясы ҳәм мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 18-май