Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Елимизде жылқышылық ҳәм ат спортын ғалаба ен жайдырыў ушын шараятлар ҳәм инфраструктураны жаратыў, бул спорт түри бойынша елимизди халықаралық спорт майданларында мүнәсип рәўиште танытыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы шөлкемлестирилди, Қашқадәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында Қарабайыр нәсилли атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша комплекслер жумыс алып бармақта.
Ташкент ўәлаятында Ахалтеке нәсилли ҳәм спорт атларын жетистириў ҳәм көбейтиў ат заводын қурыў, сондай-ақ, Ташкент қаласында «Орайлық ипподром» акционерлик жәмийетин Халықаралық ат спорты федерациясы талапларын есапқа алған ҳалда реконструкциялаў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, республикада жылқышылық ҳәм ат спортының буннан былай да раўажланыўына тосқынлық етип атырған бир қатар шешилмеген мәселелер бар. Соның ишинде, ат спорты клублары арасында өз-ара бирге ислесиўдиң тутас системасы жоқ екени оқыў-шынығыў процесин басқарыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў, қәбилетли шабандозларды анықлаў ҳәм таңлап алыў имканиятын бермей атыр.
Материаллық-техникалық база ҳәм ат спорты инфраструктурасы жеткиликли дәрежеде раўажланбаған, ат спорты менен шуғылланыў ҳәм бул спорт түрин ғалаба ен жайдырыў ушын спорт базалары ҳәм шараятлар жаратыў бойынша зәрүр илажлар көрилмей атыр.
Жылқышылық ҳәм ат спортын буннан былай да раўажландырыў, жасларды спорт пенен шуғылланыўға тартыў, жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ат спорты бойынша миллий ҳәм халықаралық жарысларда жоқары спорт нәтийжелерине ерисиўди тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги, Қаржы министрлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан миллий олимпиада комитети, «Өзбекнефтьгаз» АЖ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм «Өзқурылысматериаллары» АЖның:
2019-2020-жылларда Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья, Ташкент, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплерин (кейинги орынларда – балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплери) басқышпа-басқыш шөлкемлестириў;
Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы жанындағы юридикалық шахс статусына ийе Қарабайыр нәсилли атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша инновациялық селекция-генетикалық орайларын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў;
Өзбекстан жылғышылық ҳәм ат сепорты федерациясы баслығының орынбасары -Қарабайыр нәсилли атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша инновациялық селекция-генетикалық орайының директоры лаўазымын енгизиў;
Қарабайыр нәсилли атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша «Қарабайыр атшылық комплекси» УКны «Шортангазхимия комплекси» ЖШЖ қарамағынан «Өзбекстан темир жоллары» АЖ қарамағына бериў;
Қарабайыр нәсилли атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша «Қарабайыр атшылық комплекси» УК ҳәм «Водий тулпорлари» ЖШЖ комплекслерин, олардың тәмийнатын қаржыландырыў тәртибин сақлап қалған ҳалда ҳәм жыллық қәрежетлер көрсеткишлерин Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы (кейинги орынларда – Федерация) менен мәжбүрий келисиў шәрти менен, Федерация қурамына киргизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья, Ташкент, Хорезм ўәлаятлары, Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм Федерация менен биргеликте:
еки ҳәпте мүддетте анық жер участкалары ҳәм бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери аймағында балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплерин шөлкемлестириў тилегин билдирген исбилерменлик субъектлерине тапсырыў ушын олардың дизимин қәлиплестирсин;
бир ай мүддетте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплерин шөлкемлестириў тилегин билдирген потенциаллы исбилерменлик субъектлерин, соның ишинде, сырт ел инвесторларын (кейинги орынларда – басламашылар) анықласын;
үш ай мүддетте ең жақсы усынысларды таңлап алыў тийкарында жер участкалары ҳәм бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин басламашыларға исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын, соның ишинде, олардың бир бөлегинде ямаса өз алдына ажыратылған аймақта балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплерин шөлкемлестириў бойынша социаллық миннетлемелерди белгилеген ҳалда усынылыўын тәмийинлесин.
- Балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплери биринши гезекте ипподромлар аймағында шөлкемлестирилетуғыны;
балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплериниң қурылысы Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен келисилген жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;
балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплериниң материаллық-техникалық базасын дәслепки беккемлеў, соның ишинде, техника, әнжамлар ҳәм басқа да зәрүр қураллар менен тәмийинлеў басламашылар тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
спорт атларын сатып алыў бойынша қәрежетлер, сондай-ақ, балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплериниң материаллық-техникалық базасын кейин ала беккемлеў бойынша илажлар орнатылған тәртипте Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны;
усы қарарға муўапық шөлкемлестирилген балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплери Өзбекстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлигиниң балансына өткерилетуғыны;
балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплериниң ҳәзирги жумысын шөлкемлестириў (мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, коммуналлық хызметлер, спорт атларына азықлық ҳәм дәри-дәрмақлар сатып алыў және басқалар бойынша қәрежетлер) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплери ҳәм спорт жеке гүреслери бойынша қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплериниң ат спорты бөлимлериниң жумысын шөлкемлестириўшилик-методикалық тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен Федерация менен биргеликте әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Орай жанында лаборатория шөлкемлестирилсин ҳәм оған атлардың қан группасын анықлаў ҳәм мағлыўматлар базасын жаратыў бойынша ўазыйпалар жүкленсин.
- «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм «Өзқурылысматериаллары» АЖның усы қарарға муўапық Қашқадәрья ўәлаятында шөлкемлестирилип атырған балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеби және Ферғана қалалық спорт жеке гүреслери бойынша қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектебиниң ат спорты бөлиминиң оқыўшылары кейин ала пулсыз пайдаланыўы ушын «Қарабайыр атшылық комплекси» УК ҳәм «Водий тулпорлари» ЖШЖның Қарабайыр нәсилли атларды жетистириў ҳәм көбейтиў комплекслерине спорт атларын тийисли түрде «Өзбекстан темир жоллары» АЖ және «Kvarts» АЖның қаржылары есабынан сатып алыў басламасы қоллап-қуўатлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери еки ай мүддетте ат спорты клубларын шөлкемлестириў мақсетинде исбилерменлик субъектлерине пулсыз пайдаланыў ушын зәрүр болған имарат ҳәм объектлерди бериў илажларын көрсин, зәрүр жағдайларда усы бәнтти әмелге асырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық юридикалық шахслардың салық салынатуғын дәраматы Федерацияның жумысын қаржыландырыўға қаратылатуғын қайырқомлық жәрдем көринисиндеги қаржылар суммасына, бирақ салық салынатуғын пайданың он процентинен көп болмаған муғдарға азайтылады.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Федерация:
Орай лабораториясын заманагөй үскене ҳәм қәнигели кадрлар менен комплектлениўин тәмийинлесин;
қәниге-шабандозлар, Орай лабораториясының қәнигелери, кавалер-инструкторлар, сондай-ақ, мәпдар уйымлардың хызметкерлерин сырт елде оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестирсин;
балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплерин қәнигели кадрлар, зәрүр оқыў-методикалық әдебиятлар менен жәмлеў, сондай-ақ, оқыў-шынығыў процесин зәрүр дәрежеде шөлкемлестириў ушын оқыў имаратларын үскенелеўдиң зәрүр илажларын тәмийинлесин;
еки ҳәпте мүддетте 2019-жылы ат спорты бойынша аймақлар ҳәм республика бириншилиги жарысларын өткериў, сондай-ақ, кейин ала Спорт ҳәм денетәрбия-ғалаба илажлар календарь режесине киргизиў ушын бул спорт түри бойынша халықаралық турнирлерге қатнасыў режесин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплери тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға төлемли хызмет көрсетиў тәртибин, соның ишинде, бул хызметлердиң көлемин көрсеткен ҳалда ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
үш ай мүддетте «Орайлық ипподром» АЖның қурылыс-монтажлаў жумысларын жуўмақлаў, сондай-ақ, кейин ала алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа ала отырып жумыс ислеўи ушын қаржыландырыўдың қосымша дәреклерин тартыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Федерация менен биргеликте қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған физикалық ямаса руўхый раўажланыўында кемшилиги болған балаларды иппотерапия усылы жәрдеминде медициналық-социаллық реабилитациялаў бойынша системалы илажларды қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде усы қарар шеңберинде шөлкемлестирилетуғын балалар-жас өспиримлер ат спорты мектеплери тәмийнаты және оларды материаллық-техникалық үскенелеў, соның ишинде, спорт атларын бағыў ушын зәрүр болған бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлери, Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги 2019-2020-жылларда Федерацияның жәрдеминде ат спорты мектеплери және клубларын шөлкемлестириў ҳәм өзиниң қараўындағыларды жетилистириў илажларын көрсин, сондай-ақ, уйымлық бойсыныўдағы жылқышылық ҳәм спорт базаларын оларда жасларды ат спорты менен шуғылланыўға тартыў мақсетинде ҳәмме ушын ашық болған секциялар және дөгереклерди шөлкемлестирген ҳалда модернизацияласын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте жоқары ҳәм кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде кадрлар ҳәм қәниге-жылқышылар таярлаў оқыў режелерин және бағдарламаларын жетилистириўди тәмийинлесин, сондай-ақ, сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда олардың қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 15-июньдеги «Өзбекстан Республикасында жылқышылық ҳәм ат спортын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3057-санлы қарарына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 18-февраль