Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм оның абаданлығы ҳаққындағы исенимли мағлыўмат узақ мүддетли прогнозлар ҳәм мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыў мақсетли бағдарламаларын, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламаларын ислеп шығыў, турақлы раўажланыў Миллий мақсетлери индикаторларын қәлиплестириў, мийнет ресурсларының жайласыўы ҳәм олардан пайдаланыў процесслерин үйрениў, илимий изертлеўлер алып барыў ушын әҳмийетли тийкар болып табылады.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми 2015-жыл 10-июньдеги «2020-жылы халық ҳәм турақ жай фондын есапқа алыў бағдарындағы принциплер ҳәм усыныслар» резолюциясына сүйенип, ағза мәмлекетлердиң 2020-жылы Пүткил дүньялық халықты ҳәм турақ жай фондын дизимге алыў бағдарламасы шеңберинде халықты ҳәм турақ жай фондын дизимге алыўға байланыслы халықаралық ҳәм аймақлық усынысларды инабатқа алған ҳалда кеминде бир мәрте халықты ҳәм турақ жай фондын дизимге алыўды өткериўге исенимли шақырады.
Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў өткерилмеген. Халықтың санына, жас-жыныс қурамына кескин тәсир еткен өзгерислер, республика аймағындағы халықтың жайласыў өзгешеликлери ҳәм басқа да социаллық-демографиялық өзине тән өзгешеликлер халықтың ҳәзирги есабына байланыслы мағлыўматларды қолланыўды сезилерли дәрежеде шеклемекте.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми 2020-жылы Пүткил дүньялық халықты ҳәм турақ жай фондын дизимге алыў бағдарламасын қоллап-қуўатлаўын есапқа алған ҳалда, сондай-ақ, халық санының анық есаплап шығылыўын тәмийинлеў, анық белгилеп қойылған бирден-бир есапқа алыў дәўиринде халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, турмыс дәрежеси, жасаў шараяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы және басқа да демографиялық, социаллық-экономикалық өзгешеликлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық сыпатлаў мақсетинде:
1. Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыў өткерилсин.
2. Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериўдиң концепциясы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериўге байланыслы комплексли илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериўге жәрдемлесиў бойынша республикалық комиссия 3-қосымшаға муўапық қурамда;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериўге жәрдемлесиў бойынша аймақлық комиссиялар дүзилсин, олардың үлги қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
4. а) Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериўге жәрдемлесиў бойынша республикалық комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленетуғыны белгилеп қойылсын:
халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;
халықты дизимге алыўды өткериўге ўәкилликли уйымлар және басқа да мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары арасындағы өз-ара бирге ислесиўди муўапықластырыў;
халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесин қадағалаў;
халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўди қаржыландырыў, материалларды қайта ислеўди шөлкемлестириў ҳәм соңғы нәтийжелерди жәриялаў мәселелери бойынша усынысларды көрип шығыў;
халықты дизимге алыўды өткериўге қатнасыў ушын физикалық ҳәм юридикалық шахсларды, олардың мийнетине ҳақы төлеў мәселелерин шешкен ҳалда, тартыўды шөлкемлестириў;
шөлкемлерди, олардың мүлкшилик тәризине қарамастан, халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларға, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўға тартыў мәселелерин көрип шығыў;
б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериўге жәрдемлесиў бойынша аймақлық комиссиялардың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
аймақларда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша жумысларды анық илажларды ҳәм жуўапкер орынлаўшыларды көрсеткен ҳалда шөлкемлестириў;
аймақларда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы мәселелер бойынша, сондай-ақ, халықты дизимге алыўды өткериў бойынша ўәкилликли уйымның аймақлық бөлимлериниң ҳәм бул процесске тартылған басқа да шөлкемлердиң материаллық-техникалық тәмийинленгенлигин беккемлеў мәселелери бойынша усыныслар ислеп шығыў;
аймақларда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша комплексли жумыслардың орынланыўын қадағалаў;
аймақларда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге физикалық ҳәм юридикалық шахсларды тартыў және қатнасқанларды хошаметлеў.
5. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекемги мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы нызамы жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:
халықты дизимге алыўды өткериўдиң мақсетлери, тәртиби, дәўири ҳәм мүддетлери;
алдынғы сырт ел әмелиятында қабыл етилген заманагөй технология ҳәм методлар тийкарында халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў;
халықты дизимге алыўды шөлкемлестириўде ҳәм өткериўде мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўшы уйымлардың қатнасыўы, олардың ўазыйпалары, функциялары және жуўапкершилигин көрсетиў;
халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде физикалық және юридикалық шахслардың қатнасыўы, олардың мийнетине ҳақы төлеўдиң анық механизмлери ҳәм дәреклерин белгилеў;
халықты дизимге алыўдың жуўмақларын әмелге асырыў бойынша шөлкемлестириўшилик-әмелий, ҳуқықый, экономикалық ҳәм басқа да илажлар.
6. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша материалларды ҳәм темаға байланыслы көрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
7. Министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, тийисли комиссиялардың басшылары усы Пәрманда нәзерде тутылған ўазыйпалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.
8. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 5-февраль