Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февральдағы «Өзбекстан Республикасы жанылғы-энергетика тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5446-санлы Пәрманына муўапық:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги орайлық аппаратының басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 80 штат бирликтен ибарат структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң (кейинги орынларда – Министрлик) басқарыў хызметкерлери, биринши гезекте Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанындағы Нефть өнимлерин ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда «Өзнефтьгазинспекция») ҳәм Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанындағы Электр энергетикада қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда – «Өзэнергоинспекция») және мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў орайларының штатлар санын қысқартыўдың есабынан тәмийинленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы энергетика министрине:
зәрүр болғанда, басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетине ҳақы төлеў фонды шеңберинде Министрликтиң орайлық аппараты, «Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин киргизиў;
Министрликтиң бюджеттен тысқары қоры қаржыларының есабынан Министрлик, «Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин киргизиў;
министрликке жүкленген ўазыйпаларды ҳәм функцияларды орынлаў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жойбарлаў институтлары, илимий-билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, энергетика тараўында жетекши халықаралық ҳәм сырт ел компанияларының қәнигелерин консультант сыпатында тартыў;
жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелерин белгиленген тәртипте жумысқа қабыл етиў, сондай-ақ, оларға Министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан, соның ишинде, еркин конвертация етилетуғын валютада мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлер муғдарын белгилеў ҳуқықы берилсин.
- Министрликтиң өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилетуғын қарарлары мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм пуқаралар тәрпинен орынланыўы мәжбүр екени;
Министрлик «Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» жумысы Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклериниң есабынан қаржыландырылатуғыны;
бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетине ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына муўапық Министрлик, «Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» хызметкерлериниң лаўазымлық айлықларын белгилеўде тариф коэффициенти 1,5 есеге көбейтилген ҳалда қолланылатуғыны;
усы бәнттиң төртинши абзацында нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлер Министрликтиң бюджеттен тысқары қаржыларының есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзбекэнерго» АЖның:
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги және «Өзбекнефтьгаз» АЖның өнимлер бөлистирилиўине байланылы әмелге асырылып атырған келисимлери бойынша функцияларын Министрликке өткериў;
Министрлик жанында өнимлерди бөлистириўге байланыслы келисимлерди әмелге асырыў бойынша жумыс алып барып атырған топарларды бирлестириў жолы менен коммерциялық емес шөлкем түринде юридикалық шахс шөлкемлестириў ҳәм оған бул топарлардың ҳуқықларын ҳәм миннетлемелерин өткериў;
«Өзбекэнерго» АЖ административлик имараты жайласқан жер участкасында сырт ел инвесторларын тарта отырып, заманагөй мийманхана комплексин қурыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Э.М.Ғаниев ҳәм А.А.Абдуҳакимов бир ай мүддетте «Өзбекэнерго» АЖ административлик имараты жайласқан аймақта заманагөй мийманхана комплексин қурыў бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм «Өзбекэнерго» АЖ менен биргеликте бир ай мүддетте Министрлик ҳәм «Өзбекэнерго» АЖны жайластырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Министрлик жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда бюджеттен тысқары Жанылғы-энергетика тармағын раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Қорды қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:
«Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» тәрепинен хожалық жөргизиўши субъектлер, олардың лаўазымлы шахслары ҳәм пуқаралардан энергетика тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын белгиленген тәртипте өндирилетуғын жәриймалар суммасы толық көлемде;
Қордың ўақытша бос турған қаржыларын коммерициялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
Нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәраматлар.
- Қордың қаржылары:
Министрлик «Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
Министрлик, «Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў;
Министрлик, «Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкасы, соның ишинде, сырт еллерге сапарларын шөлкемлестириў халықаралық конференциялар, семинарлар ҳәм басқа да илажларға қатнасыў;
Министрликтиң жумысын раўажландырыўға қаратылған басқа да илажлар ушын жумсалатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-октябрьдеги «Электр энергетикасы тармағын жедел раўажландырыў ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3981-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Электр энергетика тармағын реформалаў бойынша комиссияға (кейинги орынларда – Комиссия) Министрликтиң жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы комплексли илажларды әмелге асырыў жүкленсин.
- Министрлик:
а) Комиссия менен келисе отырып:
2019-жыл 1-мартқа шекем Жәҳән банкиниң техникалық жәрдеминде электр энергетика тамағын реформалаў (реструктуризация) моделлерин ислеп шықсын ҳәм усыныс етилип атырған реформаларды әмелге асырыў бойынша толық «жол картасын» таярласын;
2019-жыл 15-мартқа шекем электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў ҳәм сатыўды шөлкемлестириўдиң заманагөй схемасына муўапық Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекэнерго» АЖны реструктуризациялаў ҳақққындағы қарарының жойбарын киргизсин;
2019-жыл 1-апрельге шекем электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў ҳәм сатыўды шөлкемлестириўдиң заманагөй схемасына муўапық Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекэнерго» АЖны реструктуризациялаў ҳаққындағы қарарының жойбарын киргизсин;
б) «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзбекэнерго» АЖны реструктуризациялаўда магистраль газ-транспорт системасы ҳәм магистраль электр тармақларынан пайдаланыў және оларды раўажландырыў бойынша айрықша мәмлекетлик кәрханаларды шөлкемлестириўди нәзерде тутсын;
в) 2019-жыл 1-мартқа шекем жанылғы-энергетика тармағындағы комплексли кемшиликлер, сондай-ақ, мақсетли көрсеткишлер (индикаторлар) ҳәм оларға ерисиўдиң басқышпа-басқыш механизмлерин көрсеткен ҳалда 2019-жыл Министрлик жумысының нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлерин Өзбекстан Республикасы Администрациясына киргизсин;
г) Экономика ҳәм санаат министрлиги, Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги ҳаққында және Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң бюджеттен тысқары Жанылғы-энергетика тармағын раўажландырыў қорының қаржыларын қәлиплестирсин ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режелерди ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
д) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Министрликтиң штат кестесин тастыйықласын;
энергетика тармағы шөлкемлери менен биргеликте еки ай мүддетте Министрликти оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған жоқары маманлықтағы қәнигелер менен толықтырыўды тәмийинлесин;
е) еки ай мүддетте «Электрон ҳүкимет» системасына усынылыўы ҳәм киргизилиўи шәрт болған мағлыўматлардың қурамы бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигине белгиленген тәртипте киргизсин, сондай-ақ, Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасына платформа тәризинде белгиленген протокол тийкарында мәжбүрий пайдаланылыўын тәмийинлесин;
ж) Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Илимлер академиясы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
2019-жыл 1-майға шекем – Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына Өзбекстан Республикасында қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыўдың 2019-2023-жылларға мөлшерленген концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) жойбарын;
2019-жыл 1-октябрьге шекем – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Өзбекстан Республикасында қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша инвестициялық жойбарлардың портфелин киргизиўди тәмийинлесин.
Концепцияның жойбарын ислеп шығыўда төмендеги мәселелерди шешиўге айрықша итибар қаратылсын:
Өзбекстан Республикасында қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын әмелге асырыў бойынша комплексли қатнас жасаў ҳәм стратегиялық ўазыйпалар;
қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў;
заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда, санаат ҳәм экологиялық қәўипсизликтиң жоқары дәрежесин тәмийинлейтуғын қайта тикленетуғын энергия дәреклери объектлерин және тийисли инфраструктураны жаратыў;
Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелер таярлаў, сондай-ақ, қайта тикленетуғын энергия дәреклери тараўындағы жетекши сырт ел компанияларында олардың стажировкасын шөлкемлестириў.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте «Өзнефтьгазинспекция» ҳәм «Өзэнергоинспекция» жумысын, соның ишинде, энергетика тараўында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың ўәкилликлерин кеңейтиў және штат бирликлерин оптималластырыў арқалы жетилистириў ҳаққында ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
усы қарарды 2019-жылы әмелге асырыў бойынша Министрлик қәрежетлери ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде қаржылар ажыратсын, 2020-жылдан баслап болса ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жыл ушын тастыйықланған қәрежетлер сметасына усы қарардың қағыйдаларынан келип шығып тийисли өзгерислер киргизсин;
тийкарланған есап-санақлар бойынша Министрлик орайлық аппаратын зәрүр инвентарьлар, оргтехника менен үскенелеў ушын қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин және 7, соның ишинде, 5 жеке бириктирилген хызмет автотраснпорт қуралларын сақлаў ушын лимитлер белгилесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Министрликти телефон байланысы, соның ишинде, ҳүкимет байланысы менен белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Министрлик Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетиниң статистикалық мағлыўматлары тарқатылыўы мәжбүрий болған шөлкемлер дизимине киргизилсин.
- Министрлик Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрициясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 1-февраль