Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-январьдағы «Инвестиция ҳәм саўда тараўында басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5643-санлы Пәрманының орынланыўы бойынша, сондай-ақ, сырт ел инвестициялары кеңнен тартылыўын тәмийинлеў және республика сыртқы саўда жумысын раўажландырыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) жанында:
Уйымлараралық бажыхана-тариф кеңесин сапластыра отырып Тариф ҳәм тариф емес тәртипке салыў кеңеси;
сырт ел инвесторларын мағлыўматлар менен тәмийинлеў ҳәм ҳуқықый жәрдем бериў, сондай-ақ, жүзеге келген машқалаларды шешиў, зәрүр қәрежетлерди рәсмийлестириў бойынша оларға хызмет көрсетиў ушын Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги;
жергиликли шийки зат тийкарында жоқары қосымша қунлы бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў ушын алдынғы сырт ел технологияларын излеп табыў, тартыў ҳәм енгизиўге, илимий исленбелерди экспертизалаў, олардың көлемин кеңейтиў ҳәм коммерцияластырыўдың нәтийжели системасын жаратыў, алдынғы технологияларды ислеп шығаратуғын ҳәм енгизетуғын кәрханаларға мәмлекет тәрепинен жәрдем бериў механизмлерин қәлиплестириў мақсетинде Технологиялық раўажланыў агентлиги шөлкемлестирилсин.
Тариф ҳәм тариф емес тәртипке салыў кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға бола үлги қурамға муўапық қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң орайлық аппаратының структурасы 3-қосымшаға муўапық;
Министрлик жанындағы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги, Экспортты хошаметлеў агентлиги және Технологиялық раўажланыў агентлигиниң структуралары 4-, 5- ҳәм 6-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик, Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги, Экспортты хошаметлеў агентлиги ҳәм Технологиялық раўажланыў агентлиги басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 1183, соның ишинде, Министрликтиң орайлық аппараты басқарыў хызметкерлери – 200 адам етип белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрине:
зәрүр жағдайларда, басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шеңберинде Министрликтиң орайлық аппараты, Министрлик жанындағы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги, Экпортты хошаметлеў агентлиги және Технологиялық раўажланыў агентлигиниң структурасына өзгерислер киргизиў;
Министрликтиң аймақлық бөлимлериниң структураларын ҳәм басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетине ҳақы төлеў фонды шеңберинде олардың басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын тастыйықлаў;
Министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан басқарыў хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин киргизиў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, жетекши жойбарлаў институтлары, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, халықаралық шөлкемлер, сырт ел компанияларының жоқары қәнигели кадрларын, сондай-ақ, экспертлерди мәсләҳәтши сыпатында тартыў;
маман сырт ел кадрларын жумысқа қабыл етиў ҳәм оларға мийнет ҳақы муғдары және басқа да төлемлерди сырт ел валютасында белгилеў ҳуқықы берилсин.
- Министрлик жанындағы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги, Экспортты хошаметлеў агентлиги ҳәм Технологиялық раўажланыў агентлигиниң директорлары – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң усынысына тийкарланып;
Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги, Экспорты хошаметлеў агентлиги ҳәм Технологиялық раўажланыў агентлиги директорларының орынбасарлары – Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри тәрепинен;
Қарақалпақстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри, оның орынбасары – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри менен келисе отырып;
ўәлаятлар және Ташкент қаласы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда басқармаларының баслықлары, олардың орынбасарлары – ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри менен келисе отырып;
районлар ҳәм қалалардың инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлимлериниң баслықлары – тийисли районлар (қалалар) ҳәкимлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри, ўәлаятлар, сондай-ақ, Ташкент қаласы инвестициялар ҳәм саўда басқармалары баслықларының усынысына бола және Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри менен келисе отырып лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Министрлик Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў бойынша комитети менен биргеликте еки ай мүддетте инвестициялық шәртнамаларды дүзиў ҳәм әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы режени қайта көрип шыққан ҳалда инвестициялық шәртнамаларда хожалық жүргизиўши субъектлерди базарда жоқары дәрежеге алып шығатуғын айрықша ҳуқықлар ҳәм қағыйдалар киргизилиўине жол қоймаў бойынша анық механизмлерди белгилеп беретуғын үлги инвестициялық шәртнамалар және оларды дүзиў ҳәм қол қойыў қағыйдаларын тастыйықласын.
- 2019-жыл 1-июльден баслап инвесторлар менен өз-ара байланыслар «бир айна»принципи тийкарында әмелге асырылатуғыны, оның шеңберинде потенциаллы инвесторларға консультация бериў, олардың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўы, соның ишинде, инженерлик-коммуникация инфраструктурасына жалғаныўына жәрдемлесиў, сондай-ақ, инвестициялық шәртнамаларды дүзиўге жәрдем бериў бағдарындағы жумыслар исленетуғыны белгилеп қойылсын.
Министрлик еки ай мүддетте инвесторлар менен «бир айна» принципи тийкарындағы өз-ара бирге ислесиў тәртибин, сондай-ақ, районлар, қалалардағы министрлик хызметкерлериниң тийисли мәмлекетлик хызметлер орайларына жиберилиўин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң инвестицияларды тартыў ҳәм сыртқы саўданы раўажландырыў ушын жуўапкер орынбасарлары ҳәр шеректе Министрликке экономиканың тийкарғы тараўларына тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларды тартыў, ҳәм инфраструктураны раўажландырыў және халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт елдиң ҳүкиметлик қаржы шөлкемлериниң техникалық жәрдеми қураллары (грантлары) ҳәм жеңилликли кредитлериниң есабынан жойбарлардың әмелге асырылыўы бойынша исленген жумыслар ҳаққында таллаў материалларын ҳәм есабатлар усынатуғыны;
Министрлик хызметкерлери ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен белгиленген тәртипте ажыратылатуғын көп жыллық хызметлери ушын үстемелер ҳәм қосымша төлемлер, сондай-ақ, бурынғы жумыс орнында берилген арнаўлы атақлар, дәрежели атақлар, дипломатиялық ҳәм басқа да мәртебелер сақлап қалынатуғыны;
Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери жумысының ҳәзирги тәмийнаты ҳәм қаржыландырыў қәрежетлери (мийнет ҳақы, сыйлықлар, үстемелер ҳәм басқа да төлемлерди өз ишине алған ҳалда) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың тийисли бюджетлериниң қаржылары және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны;
Министрлик жанындағы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги, Экспортты хошаметлеў агентлиги және Технологиялық раўажланыў агентлиги хызметкерлерине Министрликтиң орайлық аппараты хызметкерлери ушын белгиленген мийнетине ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў шәртлери енгизилетуғыны;
Министрликтиң аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-январьдағы «Аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары хызметкерлериниң жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм оларды материаллық хошаметлеўди күшейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2722-санлы қарарының 1-бәнтинде нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў шәртлери енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Министрлик тәрепинен жергиликли және сырт ел инвесторлары ҳәм сыртқы саўда жумысы қатнасыўшылары ушын қолайсыз шараятлар бар екени ҳаққында келип түскен мәлимлемелер бойынша оператив илажлар көрилсин.
- Министрлик ҳәм Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының:
пайдаланылмай атырған өндирислик объектлерден нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы менен биргеликте жеке исбилерменлик субъектлериниң бос турған ҳәм қурылысы жуўмақланбаған объектлериниң өндирислик жумысын тиклеўге қаратылған инвестициялық жойбарлары («жол карталары»)ын ислеп шығыў бойынша уйымлараралық комиссияның жумысшы уйымы функцияларын әмелге асырыў;
Исбилерменлик жумысының тийкарларын оқытыў республикалық орайы жанында сыртқы саўда ҳәм экспорт тийкарлары бойынша бийпул курсларды шөлкемлестириў және келешекте бундай курсларды исбилерменликке жәрдемлесиў орайларында шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
Министрлик, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы ҳәм басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар сыртқы саўда ҳәм экспорт тийкарлары бойынша курсларды шөлкемлестириўде ҳәм өткериўде Саўда-санаат палатасына жәрдемлессин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәмлекетлик раўажланыў бағдарламаларын қаржыландырыў функциясын Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине жүклей отырып, Өзбекстан Республикасының раўажланыў мәмлекетлик бағдарламаларын қаржыландырыў қорын 2019-жыл 1-февральдан баслап сапластырыў ҳәм сапластырылып атырған Қордың 14 басқарыў хызметкерлерин аймақлық қаржы уйымлары структурасына бериў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
а) бир ай мүддетте:
мәлимлеме-коммуникация технологияларының заманагөй имканиятларын енгизиўди тәмийинлей отырып тән алынатуғын мәмлекетлерде Өзбекстан Республикасы өнимлерин өзин-өзи сертификатлаў системасын енгизиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының тийислилик сертификатын рәсмийлестириў функциясын Саўда-санаат палатасына бериў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;
Министрлик хызметкерлериниң материаллық тәмийнатын жақсылаў бойынша, соның ишинде, олар ушын турақ жайлар ҳәм хызмет үйлерин қурыў ҳәм Министрликти жайластырыўды нәзерде тутатуғын усыныслар киргизсин;
б) үш ай мүддетте экспорт өнимлерин системалы түрде жеткерип бериўди шөлкемлестириў ҳәм келешекте оларды регионаллық базарларда сатыў мақсетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында сырт елде көтере-бөлистириў орайларын шөлкемлестириў бойынша илажлар көрсин.
- Министрлик Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте экспорт өнимлерин ислеп шығарыў, сертификатлаў, жеткерип бериў ҳәм сатыў мәселелерине байланыслы көрсетиўлер дүркинин шөлкемлестириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Министрликти белгиленген тәртипте телефон байланысы, соның ишинде, Ҳүкимет байланысы, Интернет тармағына жалғаў және Министрликтиң нәтийжели ислеўи ушын зәрүр болған программалық өнимлер ислеп шығылыўын ҳәм енгизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Министрлик қәрежетлери ушын тийкарланған есап-санақлар бойынша 2019-жылға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлери шеңберинде қаржы ажыратсын ҳәм 2020-жылдан баслап зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;
30, соның ишинде 25 жеке бириктирилген ҳәм олардан 14 и Министрликтиң аймақлық бөлимлери ушын мөлшерленген хызмет жеңил автомобильлериниң тәмийнаты ушын лимит белгилесин;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019–жыл ушын тастыйықланған қәрежетлер сметасына усы қарар талапларынан келип шығып тийисли өзгерислер киргизсин.
- Министрлик׃
а) 2019-жыл 1-июньге шекем потенциаллы инвесторларды қызықтыратуғын дәслепки есап-санақларға ийе анық жойбарлар ҳәм басқа да мағлыўматларды көрсеткен ҳалда ҳәр бир аймақтың өндирислик потенциалы ҳәм инвестиция көлемине болған зәрүрлигин көрсететуғын Өзбекстан Республикасының интерактив инвестициялық картасын ислеп шықсын ҳәм енгизилиўин тәмийинлесин;
б) бир ай мүддетте׃
Министрликтиң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлерин зәрүр теориялық билимлер ҳәм әмелий қолланбаларға ийе, Министрликке жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде әмелге асырыў қәбилетине ийе болған жоқары қәнигели кадрлар менен толықтырыўды;
Министрликтиң структуралық ҳәм төменги бөлимлери ҳаққындағы режелер (уставлар), сондай-ақ, хызметкерлердиң лаўазымлық инструкциялары тастыйықланыўын;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-октябрьдеги «Мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға шығарыўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3978-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген Мийўе-овощ өнимлерин экспорт ететуғын мәлимлеме порталында республика аймақларының экспорт потенциалы, тутыныў базарларының көлеми бойынша статистикалық есаплар, санитариялық ҳәм фитосанитариялық талаплар, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң мийўе-овощ өнимлери базарларына кириўдиң басқа да шәртлери ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған еркин пайдаланыў имканиятын беретуғын электрон каталогтың басып шығарылыўын;
Өзбекстан Республикасы миллий өнимлериниң брендин, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларында таңлаў шөлкемлестириў арқалы өндирис бойынша илажлар әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
в) Министрлик, оның бөлимлери ҳәм олардың басшыларының жумысын анық нәтийже ҳәм мақсетли индикаторларға ерисиў, сыртқы саўда ҳәм инвестицияларды раўажландырыў бойынша жақын, орта ҳәм узақ мүддетли перспективаларға мөлшерленген стратегиялық бағдарламалардың сапалы ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў тийкарында баҳалаўдың толық жаңа системасын енгизиў илажларын көрсин;
г) Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары менен биргеликте турақлы түрде сыртқы базарлардың талапларын, соның ишинде, сырт еллердеги ўәкилликли уйымларға турақлы түрде сораўлар жибериў арқалы үйренсин, сыр елде талап жоқары өнимлер дизимин қәлиплестирсин ҳәм улыўма пайдаланылатуғын түрде жайластырсын;
д) сыртқы базарларды таллаў нәтийжелери тийкарында өнимге болған талапты, тийисли мәмлекетке жеткерип бериўдиң рентабеллиги ҳәм басқа да әҳмийетин есапқа алған ҳалда өнимлерди экспорт етиў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер ҳәм рухсатнамалар алыў мәселелерин шешиў мақсетинде мәмлекетлер ҳәм өнимлер дизимин ҳәр жылы 5-январьға шекем ўәкилликли уйымларға усынылыўын тәмийинлесин;
е) тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине׃
өз-ара бирге ислесиўдиң анық ҳәм нәтийжели механизмлерин ҳәм базарларда жүзеге келетуғын жағдайларға өз ўақтында тәсир илажларын көриўди нәзерде тутатуғын Министрлик жанындағы Тариф ҳәм тариф емес тәртипке салыў бойынша Кеңестиң жумысы ҳаққындағы Режени;
Министрликтиң бөлимлери ҳәм басқа да ўәкилликли уйымлардың бул тараўдағы ўәкилликлерин анық белгилеген ҳалда, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў ҳәм орынлардағы атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен өз-ара жумыс алып барыў механизмлерин нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳаққындағы Режени;
Министрлик жанындағы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги, Экспортты хошаметлеў агентлиги ҳәм Технологиялық раўажланыў агентлиги ҳаққындағы режелерди;
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин;
17 . Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Министрлик ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХКты сапластырыў илажларын көрсин ҳәм бул тараўда өзин-өзи тәртипке салатуғын шөлкем дүзиў бойынша усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 28-январь