Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 14-январьдағы ПП-5630-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети (кейинги орынларда – Монополияға қарсы гүресиў комитети) басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 242, соның ишинде, Монополияға қарсы гүресиў комитети орайлық аппараты басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 75 адам етип белгиленсин.
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығына:
зәрүр жағдайларда, Монополияға қарсы гүресиў комитети орайлық аппаратының тастыйықланған структурасына өзгерислер киргизиў;
басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шеңберинде Монополияға қарсы гүресиў комитети аймақлық басқармалары басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын тастыйықлаў;
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Монополияға қарсы гүресиў комитети басқарыў хызметкерлери қәнигелериниң қосымша штат бирликлерин киргизиў;
маман жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин хызметкерлер ҳәм мәсләҳәтшилер сыпатында тартыў, оларға, бурынғысынан басқаша тәризде, Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлериниң муғдарларын белгилеў;
Монополияға қарсы гүресиў комитети хызметкерлери ушын нызамшылықта нәзерде тутылған басқа төлемлерге қарамастан, Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан, олардың ийелеген тийкарғы лаўазымы бойынша лаўазым айлықларына (тариф ставкаларына) үстемелер ҳәм басқа да хошаметлеўши төлемлер белгилеў;
халықаралық әмелияттан ҳәм базар шараятларынан келип шыққан ҳалда, Монополияға қарсы гүресиў комитетине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын контракт тийкарында тартылатуғын қәнигели сырт ел қәнигелериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарын белгилеў ҳуқықы берилсин.
- Монополияға қарсы гүресиў комитети Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бәсеки комитети) монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў, бәсекилик орталығын раўажландырыў, тәбийғый монополиялар субъектиниң жумысын қадағалаў ҳәм товар – шийки зат биржаларын лицензиялаў бағдарындағы барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхор есапланатуғыны;
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң өз ўәкилликлерин барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахсларынан бийғәрез түрде әмелге асыратуғыны ҳәм өз жумысында Өзбекстан Республикасы Бас министрине және нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған айрықша мәселелер бойынша – тиккелей Өзбекстан Республикасы Президентине бойсынатуғыны ҳәм есап беретуғыны;
Монополияға қарсы гүресиў комитети жумыс тараўына киретуғын мәселелер бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий тәртипте оның менен келисилиўи шәрт екени;
мүлкшилик түрине қарамастан барлық шөлкемлерде Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша тексериўлер исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериўлерди муўапықластырыў бойынша ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғыны және Тексериўлерди электрон тәризде дизимге алыўдың бирден-бир системасында дизимге алыныўы шәрт екени;
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы, оның биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны, статусы, медициналық ҳәм транспорт хызмет көрсетиў шәртлери бойынша тийисли түрде министр, министрдиң биринши орынбасары ҳәм министр орынбасарына теңлестирилетуғыны;
Монополияға қарсы гүресиў комитети хызметкерлерине қайта шөлкемлестирилген Мәмлекетлик бәсеки комитети хызметкерлери ушын нәзерде тутылған медициналық хызмет көрсетиў тәртиби сақланып қалынатуғыны;
Мәмлекетлик бәсеки комитети ҳәм оның аймақлық уйымлары тәрепинен бурын берилген ҳүжжетлер ҳәм олар қабыл еткен қарарлар өз күшин сақлап қалатуғыны және оның қайта шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен бийкар етилмейтуғыны ямаса өзгертилмейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Монополияға қарсы гүресиў комитетине:
бәсеки орталығын раўажландырыў ҳәм тәбийғый монополиялар субъектлериниң жумысын қадағалаў мәселелери бойынша әмелге асырылатуғын илажларға экономикалық, қаржы, салық уйымлары ҳәм басқа да уйымлардың хызметкерлерин тартыў;
монополияға қарсы сиясат ҳәм бәсекиликти қорғаў тараўларындағы нызам бузылыў жағдайларын және оларды келтирип шығаратуғын себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў бойынша орынланыўы мәжбүрий болған усынысларды өз ўәкилликлери шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2019-жыл 1-июльден баслап хожалық жүргизиўши субъектлердиң бирлесиўи ҳәм қосып алыныўы бойынша келисимлер, сондай-ақ, шахс ҳәм шахслар топары тәрепинен хожалық жүргизиўши субъекттиң устав капиталы (қоры)ндағы акцияларды (үлеслерди) сатып алыў бойынша келисимлерге дәслепки келисим бериў ушын ең кем мийнет ҳақының он есеси муғдарында жыйым өндириледи.
- Монополияға қарсы гүресиў комитети жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда бюджеттен тысқары Бәсекиликти раўажландырыўға көмеклесиў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирсин ҳәм оның дәреклери төмендегилер етип белгиленсин:
бәсеки ҳәм тәбийғый монополиялар ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын өндирилген тийкарсыз алынған дәраматлардың суммасы;
бәсеки, тәбийғый монополиялар ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң усынысларын орынламағаны ушын Монополияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен хожалық жүргизиўши субъектлерден ҳәм олардың лаўазымлы шахсларынан нызамшылықты белгиленген тәртипте өндирилетуғын жәрийма қаржылары;
хожалық жүргизиўши субъектлердиң бирлесиўи ҳәм қосып алыныўы бойынша келисимлер, сондай-ақ, шахс ҳәм шахслар топары тәрепинен хожалық жүргизиўши субъект устав капиталы (қоры)ндағы акциялар (үлеслер)ды сатып алыў бойынша келисимлерге дәслепки келисим бериў ушын жыйымлар;
Қор қаржыларын коммерциялық банклердиң дипозитлерине қойыўдан алынған дәраматлар;
халықаралық институтлар ҳәм шөлкемлер, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың грант қаржылары ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Қордың қаржылары:
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң әмелдеги қәрежетлерин қаржыландырыўға;
хызметкерлерди материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық тәмийинлеў, сондай-ақ, олар тәрепинен турақ жай сатып алыныўын жеңилликли қаржыландырыўға;
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң басшылары ҳәм қәнигелерин оқытыў, таярлаў, қайта таярлаў және қәнигелигин арттырыўға;
тартылатуғын сырт ел қәнигелериниң жумысына, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлерине ҳақы төлеў илажларын әмелге асырыўға жумсалатуғыны белгилеп қойылсын.
- Монополияға қарсы гүресиў комитети еки ай мүддетте:
а) Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳаққындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң бюджеттен тысқары Бәсекиликти раўажландырыўға көмеклесиў қорының қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққындағы қарардың жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
б) Өзбекстан Республикасы Олий суды, Бас прокуратурасы ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте:
Нызам ҳүжжетлериниң бәсекиге тәсирин баҳалаў методикасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
нызам ҳүжжетлерине бәсеки ҳәм тәбийғый монополиялар ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны, мәлимлеме бермеў ямаса биле тура надурыс мәлимлеме бериў, Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң усынысларын орынламаў, сондай-ақ, оның хызметкерлериниң жумысына араласқаны және оларға жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды нызамлы орынлаўына тосқынлық етиў мақсетинде ҳәр қандай тәризде тәсир өткергени ушын юридикалық шахсларға жәриймалар қолланыў ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында усыныслар таярласын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;
тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында бирден-бир мәмлекетлик уйым сыпатында Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети жанында Тутыныўшылардың ҳуқықын қорғаў агентлигин шөлкемлестириў және тийисли мәмлекетлик уйымлар менен мәкемелердиң штат бирликлерин ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықын қорғаў тараўында қадағалаўды әмелге асырыў бағдарындағы ўәкилликлерин оған өткериў бойынша усыныслар киргизсин;
в) 2019-2023-жылларда товар ҳәм финанс базарларында бәсекиликти раўажландырыў стратегиясын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин, онда, соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылсын:
бәсекиликти қорғаў ҳәм раўажландырыў системасын трансформациялаў және монополияға қарсы тәртипке салыўдың миллий экономикада ҳәм дүнья экономикасында жүз берип атырған структуралық өзгерислер ҳәм процесслердиң жоқары талапларына жуўап беретуғын пүткиллей жаңа алдынғы моделин жаратыў;
товар ҳәм қаржы базарларын таллаўдың бейимлесиўши, соның ишинде, минез-қулық экономикасы (behavioral ekonomics) принциплерине тийкарланған қуралларын ҳәм усылларын енгизиў;
бәсекиликти қорғаў бойынша алдын алатуғын қуралларды, соның ишинде, монополияға қарсы комплаенс механизми – биринши гезекте товар ҳәм қаржы базарларында лаўазым бойынша жоқарыда туратуғын хожалық жүргизиўши субъектлердиң ишинде бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық талапларына муўапықлықты тәмийинлеў системасын енгизиў;
хошаметлеўши тарифлерди қәлиплестириўдиң бәсекиликти күшейтиўге тәсир ететуғын жаңа жоқары нәтийжели усылларын ҳәм оларды қолланыўды қадағалаў механизмлерин енгизиў есабынан товарлардың (жумыслар, хызметлер) баҳалары (тарифлери)н мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў;
цифрлы экономиканы монополияға қарсы тәртипке салыўдың нәтийжели қуралларын, соның ишинде, бәсеки ҳаққындағы нызамшылық бузылыўлары трансшегаралық түрлериниң алдын алыў мақсетинде жаратыў;
бәсеки ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғаны ушын ҳуқықый тәсир етиў илажларын күшейтиў ҳәм бир ўақыттың өзинде ҳуқықты қолланыўда кең еркинлик беретуғын ўәкилликлерди бийкар етиў;
«картель» келисимлер ҳәм тил бириктириўлер сыяқлы бәсекиликке қарсы ҳәрекетлердиң қыйын түрлерин анықлаў ҳәм оларға шек қойыў мақсетинде ҳуқық қорғаў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў;
Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми методикасы бойынша товар ҳәм финанс базарларында бәсеки орталығын раўажландырыў индикаторларынан пайдаланған ҳалда Монополияға қарсы гүресиў комитети жумысының ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлерин (КРI) енгизиў;
бәсекини шеклеў жағдайларын анықлаў ҳәм оларға тәсир илажларын көриў жеделлигин арттырыў ушын Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң жумысына инновациялық исленбелер ҳәм мәлимлеме технологияларын енгизиў;
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң кадрлар потенциалын системалы түрде арттырыў, жоқары оқыў орынларының оқыў бағдарламаларына бәсеки сиясатын ҳәм бәсеки ҳуқықы тараўында кадрларды таярлаў бойынша арнаўлы бағдарларды енгизиў;
мүнәсип материаллық тәмийнат ҳәм социаллық шараятлар бойынша социаллық кепилликлерди нәзерде тутқан ҳалда Монополияға қарсы гүресиў комитети жумысының нәтийжелилигин арттырыў және коррупцияны келтирип шығаратуғын ҳәр қыйлы факторлардың алдын алыў.
- Монополияға қарсы гүресиў комитети:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетиниң статистикалық мәлимлеме мәжбүрий тарқатылатуғын шөлкемлердиң дизимине;
Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшы хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы пропискаға қойыў ҳаққындағы өтиниш киргизилиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде усы қарарды 2019-жылы әмелге асырыў бойынша Монополияға қарсы гүресиў комитети қәрежетлери ушын қаржылар ажыратсын ҳәм 2020-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жыл ушын тастыйықланған қәрежетлер сметасына усы қарар талапларынан келип шығып тийисли өзгерислер киргизсин;
Монополияға қарсы гүресиў комитетине хызмет автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын зәрүр пул қаржылары ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм 5 хызмет, соның ишинде, 4 жеке бириктирилген хызмет жеңил автомобильлерин сақлаў ушын лимит белгиленсин;
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң тийкарланған есап-санақларына муўапық административлик имаратларды оңлаў және материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў мақсетинде зәрүр мебель, үскенелер ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын сатып алыў ушын зәрүр ақша қаржылары ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги белгиленген тәртипте Монополияға қарсы гүресиў комитетин телефон байланысы, соның ишинде, ҳүкимет телефон байланысы менен тәмийинлесин.
- Ишки ислер министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәмлекетлик бәсеки комитети ҳәм оның аймақлық уйымлары қайта дүзилиўи мүнәсибети менен жыйымлар ҳәм басқа да төлемлерди өндирмеген ҳалда тийислилиги бойынша:
Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң қараўына өтетуғын автотранспорт қуралларын ишки ислер уйымларында қайта дизимнен өткериўди;
көшпес мүлк объектлерине ҳәм басқа да мүлкке болған ҳуқықларды Монополияға қарсы гүресиў комитетине қайта рәсмийлестириўди әмелге асырсын.
- Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм оның аймақлық уйымлары өзине жүкленсин ўәкилликлерге муўапық судларға көрип шығыў ушын киргизилетуғын арзалар бойынша мәмәлекетлик бажы төлеўден азат етилсин.
- Монополияға қарсы гүресиў комитети Ташкент қаласы, Лабзак көшеси, 3-жай мәнзилине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте Монополияға қарсы гүресиў комитети аймақлық басқармаларын қайта дүзилген Мәмлекетлик бәсеки комитети аймақлық уйымларының ҳәзирги жайласқан имаратларында жайластырылыўын, зәрүр жағдайларда, жаңа имарат ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Монополияға қарсы гүресиў комитети басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин;
өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң усы қарарға муўапықластырылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры А.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 24-январь