Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Кейинги жылларда елимизде халқымыздың мәнаўий-ағартыўшылық дәрежесин жоқарылатыў, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳом» жәмийетлик қоры, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанында Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Ферғана регионаллық филиалы шөлкемлестирилди.
Өзбек классикалық ҳәм фольклор өнериниң бийтәкирар үлгилерин, өзине тән атқарыў мектеплери менен дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў системасы жаратылды. Өзбек миллий классикалық көркем өнериниң орайы ҳәм музейи шөлкемлестирилди. Ҳәр еки жылда бир мәрте Халықаралық мақам өнериниң әнжуманы және Халықаралық бақсышылық өнери фестивалының өткерилиўи сийрек ушырасатуғын мийрасымыздың абырайын дүнья көлеминде арттырыў жолында әҳмийетли әмелий қәдем болды.
Соның менен бир ўақытта ўақытта миллий мәдениятты және де раўажландырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар системалы кемшиликлер бар. Атап айтқанда:
бириншиден, мәденият тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери, дөретиўшилик аўқамлары менен бирлеспелердиң ҳуқықый статусы, дөретиўшилерди социаллық қорғаўға қаратылған бирден-бир ҳуқықый база жаратылмаған;
екиншиден, жас дөретиўшилерге тәлим-тәрбия бериў, жоқары қәнигели кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бағдарында пуқта системаның жаратылмағаны мәденият тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты нәтийжели алып барыў, халықтың өсип баратырған мәдений талапларын қанаатландырыў ҳәм мәдений хызметлердиң сапасын кескин арттырыў имканиятын бермей атыр;
үшиншиден, айырым мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы заман талапларына ҳәм халықаралық стандартларға сай келмейди, бул болса олардың толық жумыс ислеўи ушын имканият бермей атыр;
төртиншиден, заманагөй медиа мәканда миллий мәдениятымыздың мүнәсип орын ийелемегени, тараўға мәлимлеме-коммуникация технологияларының толық енгизилмегени тараўды кеңнен изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў, халықаралық мәдений процесслерге талап дәрежесинде интеграциялаўға жол бермей атыр;
бесиншиден, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы абырайлы халықаралық фестивальлар менен таңлаўларда дөретиўшилеримиздиң қатнасыўын избе-из тәмийинлеў ҳәм олардың сайланды шығармаларын көрсетиў, миллий дөретиўшилик өнимлерин экспорт етиўдиң нәтийжели системасының жаратылмағаны, сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиўдиң жетерлише жолға қойылмағаны да тараўдың раўажланыўына тосқынлық етпекте.
Халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплескен жоқары мәнаўий қәдириятлары менен мәнаўий мийрасын қәстерлеп сақлаў және дүнья мәденияты менен үйлескен ҳалда раўажландырыў, миллий мәдениятты кеңнен үгит-нәсиятлаў. оның халықаралық мәдений мәканда тутқан орнын ҳәм абырайын буннан былай да беккемлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда Концепция деп аталады) 1-қосымшаға;
2019-2020-жылларда Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық;
2019-2020-жылларда Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламалары (кейинги орынларда – Илажлар бағдарламалары) 2.1-2.14-қосымшаларына муўапық тастыйықлансын.
2021-жыл ҳәм оннан кейинги жыллар ушын Концепцияны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» ҳәм Илажлар бағдарламалары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны белгиленсин.
- Концепцияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
мәденият тараўына байланыслы нормативлик-ҳуқықый базаны, усы тараўдағы институционаллық системаны ҳәм мәденият мәкемелериниң жумысын буннан былай да жетилистириў;
тарийхый ҳәм мәдений мийрасымызды сақлаў және оны жас әўлад тәрбиясында кеңнен қолланыў;
миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды жасларымыздың санасына сиңдириў, этникалық ҳәм мәдений дәстүрлерди қәстерлеп сақлаў ҳәм сол тийкарда халық дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў;
халықтың, соның ишинде, жаслардың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў ҳәм кеңейтиў;
мәденият тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, мәдениятты және де кеңнен изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаўда инновациялық идеялар менен технологияларды нәтийжели пайдаланыў;
пуқаралардың, соның ишинде, майыплығы болған шахслардың мәдений турмыста белсене қатнасыўы ушын ҳәм мәдений хызметлерден пайдаланыўда социаллық теңлигин тәмийинлеў;
мәдений тараўда өз-ара нәтийжели халықаралық қатнасықларды шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў, миллий мәдениятқа дүнья мәдениятының ажыралмас бөлеги сыпатында қараў, бул бағдарда тең ҳуқықлылықты ҳәм инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиўге айрықша итибар қаратыў;
қабыл етилип атырған экономикалық, социаллық ҳәм мәденият тараўына байланыслы қарарлардың усы тараўдағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатқа сәйкеслигин тәмийинлеў;
мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң толық жумыс ислеўин тәмийинлеў, олардың материаллық ресурс базасын және де беккемлеў, объектлерди сақлаў және қорғаўда жәмийетлик қадағалаўды жолға қойыў.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында жумыс ислеп атырған мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайлары тийкарында мәденият орайлары шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер мәденият орайларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
халыққа мәдений хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў. олардың мәдений талапларын қанаатландырыў ҳәм бос ўақытларының мазмунлы өтиўин тәмийинлеў, дөретиўшилик жәмәәтлердиң миллий қәдирият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди өзинде жәмлеген үлгили бағдарламаларын қәлиплестириў;
халық дөретиўшилиги ҳәм көркем ҳәўескерлик көркем өнерин сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў, көркем ҳәм әмелий дөретиўшилик жәмәәтлер, ҳәўескерлик топарларын шөлкемлестириў ҳәм олардың жумыс ислеўи ушын қолайлы шараят жаратыў және дөретиўшилик процессти системалы түрде байытып барыў;
балаларды дөгереклерге тартыў, шет тиллерди үйрениў ҳәм «сөйлеў мәденияты» бойынша курсларды шөлкемлестириў, халық дөретиўшилигиниң барлық жанр ҳәм бағдарлары, ҳәўескерлик көркем өнери ҳәм материаллық емес мәдений мийрасты кеңнен үгит-нәсиятлаў және оларды сап ҳалында келешек әўладқа жеткериў;
әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери және профессионал дөретиўшилик топарлар менен мәнаўий-ағартыўшылық, мәдений-ғалабалық илажлар шөлкемлестирип, олардың қатнасыўында халық, соның ишинде, жаслар менен тиккелей көркем ушырасыўлар ҳәм дөгерек сәўбетлерин өткериў;
таңлаўлар, халық дөретиўшилиги ҳәм тамаша көркем өнериниң районлық (қалалық) көлеминдеги фестивальларын өткериў , талантлы жасларды анықлаў, дөретиўши жасларды қоллап-қўатлаў;
ғалабалық байрам, тамаша ҳәм халық сейиллерин шөлкемлестириў, социаллық мәдений тараўда юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен дүзилген шәртнамалар бойынша оларға ақшалай хызметлер көрсетиў.
- Төмендегилер:
2019-2020-жылларда мәденият орайларының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 3-қосымшаға;
2019-2022-жылларда жаңадан қурылатуғын, реконструкцияланатуғын, капитал оңланатуғын ҳәм үскенеленетуғын мәденият орайларының мәнзилли дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигине зәрүр жағдайларда Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен келискен ҳалда 2019-2022-жылларда жаңадан қурылатуғын, реконструкцияланатуғын, капитал оңланатуғын ҳәм үскенеленетуғын мәденият орайларының мәнзилли дизимине өзгерис киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
бир ай мүддетте мәденият орайларының жумысын, соның ишинде, мәденият орайларын жаңадан қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, нәтийжесиз жумыс ислеп атырған мәденият орайларын оптималластырыў ҳаққында Ҳүкимет қарарын қабыл етсин;
2019-жылдың 1-февралына шекем мәденият орайлары ҳаққындағы режени, сондай-ақ, мәденият орайлары жумысының нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлери және көркем ҳәм дөгерек басшыларын олардың мийнет етиўиниң нәтийжеси тийкарында хошаметлеў тәртибин тастыйықласын.
- Төмендегилер усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасының раўажланыў мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде орайластырылған дәреклер және республикалық бюджет қәрежетлери;
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының қаржылары;
жеңиллетилген сырт ел кредитлери менен грантлары;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының «Маданият ва санъат фидокори» көкирек белгисин енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте «Маданият ва санъат фидокори» көкирек белгисин енгизиў ҳаққындағы Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жылдың 1-июнына шекем, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын ҳәм тиккелей әмел ететуғын «Мәденият ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизсин:
мәденият тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы принциплери менен бағдарлары, оларды әмелге асырыўда қатнасатуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкилликлери;
мәденият тараўында пуқаралар, миллет ҳәм халықлардың ҳуқықлары менен еркинликлери;
мәдений объектлерди шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тәртиплери, сондай-ақ, оларды қаржыландырыўдың ҳәм басқарыўдың өзине тән өзгешеликлери;
дөретиўшилик аўқамлар ҳәм бирлеспелердиң ҳуқықый статусы, мәденият тараўындағы хызметкерлердиң социаллық қорғалыўы;
мәдений алмасыў, халықаралық шөлкем ҳәм сырт еллер менен бирге ислесиў, мәденият объектлери менен көркем өнер шығармаларын ғалаба ен жайдырыў.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң «Халық саз-әсбапларының атқарыўшылары», Мукаррама Турғунбоева атындағы «Миллий аяқ ойын атқарыўшылары» ҳәм Юнус Ражабий атындағы «Жас мақам атқарыўшылары»республикалық таңлаўларын дәстүрий түрде өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
а) бул республикалық таңлаўлар:
«Халық саз-әсбапларының атқарыўшылары» таңлаўы еки жылда бир мәрте, дәслеп 2019-жылдың июнь айында;
Мукаррама Турғунбоева атындағы «Миллий аяқ-ойын атқарыўшылары» таңлаўы еки жылда бир мәрте, дәслеп 2019-жылдың октябрь айында;
Юнус Ражабий атындағы «Жас мақам атқарыўшылары» таңлаўы еки жылда бир мәрте, дәслеп 2020-жылдың апрель айында өткерилетуғыны;
б) бул республикалық таңлаўлар жеңимпазларының биреўден жеке атқарыўшылары тийисли бағдары бойынша жоқары билимлендириў мәкемесиниң бакалавриат басқышына қабыллаў квотасына қосымша мәмлекетлик гранты тийкарында қабыл етилетуғыны белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги еки ай мүддетте усы республикалық таңлаўларды өткериў тәртиплерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң ҳәр жылы 21-27-март күнлери «Театр тамашалары ҳәптелиги»н ҳәм оның шеңберинде мәдений-ағартыўшылық илажлар, соның ишинде, театр художниклериниң көргизбелери, театр липаслары ҳәм декорацияларының презентацияларын шөлкемлестириў, тамашагөйлер менен дөретиўшилер арасында сәўбетлер өткериў және халықтың усы күнлери мәмлекетлик театрларға бийпул кириўи ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Министрлер Кабинети жанындағы ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий комиссиясы ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте:
мәмлекетлераралық бирликтеги жойбар шеңберинде Уллы жипек жолының елимизден өткен бөлегин «Жипек жолы: Зарафшан дәрьясының дияры» ҳәм «Жипек жолы: Ферғана-Сырдәрья бассейни» атамасында ЮНЕСКОның улыўма жер жүзилик мәдений мийрасының дизимине;
өзбек халқының ески ҳәм бийтәкирар көркем өнериниң үлгиси болған Хорезм «Ләзги»син «Хорезм аяқ-ойыны – Ләзги» атамасында ЮНЕСКОның инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасының репрезентативлик дизимине киргизиў бойынша илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги (Б.С.Сейфуллев):
жаңадан қурылатуғын, реконструкцияланатуғын, капитал оңланатуғын ҳәм үскенеленетуғын мәденият орайлары жойбарларының техникалық-экономикалық есап-санақларын экспертизадан өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң «Қала қурылысы ҳүжжетлериниң экспертизасы» мәмлекетлик унитар кәрханасына белгиленген тәртипте киргизсин;
жаңадан қурылатуғын, реконструкцияланатуғын, капитал оңланатуғын ҳәм үскенеленетуғын мәденият орайларының мәнзилли дизими параметрлериниң өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша қатаң қадағалаўды тәмийинлесин;
усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға бағышланған мәлимлеме-аналитикалық түсиниклерди анық өлшем ҳәм нәтийжелерди көрсеткен ҳалда турақлы түрде таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәриялап барылыўының илажларын көрсин, зәрүр жағдайларда пуқаралық жәмийети институтлары менен илимий топарларды миллий мәдениятты және де раўажландырыў бойынша әҳмийетли мәселелерди додалаўға тартсын;
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги менен биргеликте тастыйықланған раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген мәденият орайларын раўажландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаў, соның ишинде, оларды үскенелеў ушын жеңиллетилген шәртлер тийкарындағы сырт ел кредитлери менен грантларын тартыў илажларын көрсин;
«Жол картасы», Илажлар бағдарламасы ҳәм Бағдарламаның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мағлыўматларды киргизип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте:
кириў ҳәм ишки туризмди раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде елимизде өткерилетуғын мәденият тараўындағы илажлар және мәденият орайлары тәрепинен жергиликли ҳәм сырт ел туристлери ушын шөлкемлестирилетуғын мәдений илажлардың дизимин ҳәр жылы 15-декабрьге шекем қәлиплестирсин;
усы илажларды Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилликли уйымлары арқалы сырт ел ғалаба хабар қуралларында халық ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында үгит-нәсиятласын.
- Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа – «Жол картасы», Илажлар бағдарламалары ҳәм Бағдарламаны әмелге асырыў бойынша министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў және олардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўы бойынша системалы мониторинг орнатылыўы;
Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа – Концепцияда нәзерде тутылған ўазыйпалардың басқышпа-басқыш толық әмелге асырылыўы, 2021-жыл ҳәм оннан кейинги жыллар ушын нәзерде тутылған «Жол картасы» өз ўақтында ҳәм сапалы ислеп шығылыўын шөлкемлестириў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – «Жол картасы», тийисли Илажлар бағдарламасы ҳәм Бағдарламада нәзерде тутылған ўазыйпалардың орынланыўын дурыс шөлкемлестирилиўи және илажлардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы;
Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри А.Х.Комиловқа – Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларының ўәкиллери арқалы елимизде өткерилетуғын мәдений илажларды сырт ел ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барыў, сырт еллер менен мәдений бирге ислесиўди және де жеделлестириў, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте сырт ел туристлерин мәдений илажларға тартыў илажларын көриўи бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Миллий теларадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агенлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мазмун мәниси ҳәм онда белгиленген илажлардың әмелге асырылыўын сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 28-ноябрь