Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Минерал төгинлерди сатыўдың базар механизмлерин енгизиў, химия санааты кәрханаларының қарыздарлықларын реструктуризациялаў бойынша көрилген илажлар оларды қаржылай саламатландырыўға ҳәм өндирис қуўатлықларынан пайдаланыў дәрежесин арттырыўға имканият берди.
Соның менен бирге, химия тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў, химиялық өнимлерди исолеп шығарыўдың бар қуўатлықларын модернизациялаў ҳәм жаңаларын қурыў ушын инвестициларды тартыў ҳәм экспорт көлемин кеңейтиўге тосқынлық етип атырған системалы машқалалар сақланып қалмақта.
Атап айтқанда, инвестициялық тартымлылықтың төменлиги ҳәм тармақты раўажландырыў ушын өз қаржыларының жетерли емеслиги шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў бойынша алдыңғы технологияларды енгизиў имканиятын бермей атыр, соның ақыбетинде ислеп шығарылып атырған өнимде минерал төгинлер үлесиниң жоқарылығы сақланып қалмақта.
Химия өнимлериниң өндирис тараўында дүнья химия санааты раўажланыўының тенденцияларын ҳәм республиканың әҳмийетли потенциалын есапқа алатуғын фундаменталь илимий база ҳәм заманагөй жойбарлаў-инжиниринг исленбелери жоқ.
Химия тармағын және де диверсификациялаў, жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыў және ишки ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған өнимлер номенклатурасын кеңейтиў ушын тиккелей инвестицияларды тартыў, жетекши сырт ел институтларын тартқан ҳалда заманагөй илимий ҳәм жойбарлаў базасын жаратыў, сондай-ақ, «Өзхимиясанаат» АЖ кәрханаларының қаржылық турақлылығын арттырыў мақсетинде:
- Республика химия тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм диверсификациялаўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
углеводород шийки затын ҳәм минерал ресурсларды терең қайта ислеў тийкарында экономика тармақларында ҳәм дүнья базарында талап жоқары болған, жоқары қосылша қунға ийе химия өнимлериниң номенклатурасын кеңейтиў;
республиканың минерал төгинлерге болған талабын қанаатландырыў ҳәм экспорт потенциалын беккемлеўге қаратылған жаңа өндирис қуўатлықларын иске қосыў ҳәм жумыс ислеп атырғанларын модернизациялаў;
химия санааты кәрханаларының устав капиталында мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў, тармаққа тиккелей инвестицияларды тартыў, тармақ кәрханалары менен исбилерменлик субъектлери арасында кооперация байланысларын раўажландырыў арқалы базалық өнимлерди қайта ислеўди тереңлестириў;
илимди ҳәм тараўлық изертлеўлерди жедел раўажландырыў, сондай-ақ, биринши гезекте, углеводород шийки заты ҳәм минерал ресурсларды терең қайта ислеўге қаратылған алдыңғы илимий исленбелерди өндириске интеграциялаў;
жойбарлаў-инжиниринг жумысларының ҳәм диагностика изертлеўлериниң сапасын арттырыў, химия ҳәм химиялық технологиялардың барлық бағдарлары бойынша кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаўдың нәтийжели системасын шөлкемлестириў.
- 2018-2030-жыллары химиялық өнимлерди ислеп шығарыўды 4,5 есеге, соның ишинде, минерал төгинлерди-2 есеге (1,2 миллион тоннадан 2,4 миллион тоннаға шекем), өнимлер экспортын-4 есеге арттырыў, сондай-ақ, органикалық химия өнимлериниң үлесин 7 проценттен 54 ке шекем жеткериў арқалы тармақты диверсификациялаўды нзерде тутатуғын «Өзхимиясанаат» АЖ жумысында өндирис қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм модернизациялаў, базалық өнимлерди қайта ислеўди және де тереңлестириў, бар активлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиўдиң тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын, оған бола:
а) қысқа мүддетте (2018-2020-жылларда);
«Аммофос-Максам» АЖда бар өндирис қуўатлықларын модернизациялаўдың есабынан фосфорлы төгинлер ислеп шығарыў көлемин 20,0 мың тоннаға арттырыў (100 процент сап ҳалатта);
«Наўайыазот» АЖда жылына 100 мың тонна поливинилхлорид, 75 мың тонна каустик сода, 300 мың тонна метанол;
«Наўайыазот» АЖда жылына 500 мың тонна азот кислотасы;
«Наўайыазот» АЖда жылына 660 мың тонна аммиак, 577,5 мың тонна карбамид;
«Ферғанаазот» АЖда тиккелей сырт ел инвестицияларын тартқан ҳалда жылына 7,8 миллион дана заманагөй полимер обойлар;
«Дийқанабад калийли төгинлер заводының өндирис қуўатлықларын кеңейтиў» инвестициялық жойбары (88 басқыш) шеңберинде таў-кән комплекси жойбарлаў көлемлеринде өндиристи шөлкемлестириў;
б) химиялық өнимлерди ислеп шығарыўды диверсификациялаў, минерал төгинлер менен өсимликлерди қорғаў химиялық қуралларын ислеп шығарыўды арттырыў, органикалық химия, соның ишинде, полимер өнимлер, синтетикалық талшықлар, резинотехника ҳәм басқа да таяр өнимлерди ислеп шығарыўды раўажландырыўға бағдарланған орта ҳәм узақ мүддетлерде перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў (2030-жылға шекем).
Онда бар өндиристи модеринизациялаў ҳәм кеңейтиў және жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыўға қаратылған, дәслепки есап-санақларға бола 4,8 миллиард АҚШ долларына тең 29 инвестициялық жойбарлар тийкарынан тиккелей сырт ел инвестицияларын тартқан ҳалда әмелге асырылады.
- Инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде «Өзхимиясанаат» АЖ төмендегилерди тәмийинлесин:
«Ферғанаазот» АЖ ҳәм «Қоқан суперфосфат заводы» АЖны сырт ел инвесторларына сатыў мақсетинде өндиристи меодернизациялаў, кеңейтиў ҳәм диверсификациялаў бойынша 2018-жыл 30-декабрьге шекем бул жәмийетлердиң активлерин еркин баҳалаўды жуўмақлаў;
Сырдәрья ўәлаяты Янгиер қаласында аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў заводын қурыў бойынша жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын, кейин ала «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы жойбарлар ҳәм импорт контрактларды комплексли экспертиза етиў» МУКта комплексли экспертиза етиў шәрти менен, химия тараўында тәжирийбеге ийе сырт ел компаниясы менен тиккелей сөйлесиўлер тийкарында шәртнама дүзиў;
Наўайы ўәлаятында фосфорлы төгинлер ислеп шығарыў комплексин қурыў бойынша 2019-жыл август айына шекем Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте сырт ел шөлкеми тәрепинен фосфорлы шийки зат майданын баҳалаў (экспертизадан өткериў) тийкарында инвестициялық жойбарды әмелге асырыў концепциясын ислеп шығыў.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Экономика министрлиги, Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры (кейинги орынларда – Қор) ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ менен биргеликте жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў нәтийжелерине муўапық, «Жол картасы»нда көрсетилген перспективалы инвестициялық жойбарларды қаржыландырыўдың анық дәреклерин белгилесин.
Онда химия тараўында өндирис қуўатлықларын модернизациялаў ҳәм кеңейтиў, жаңа қайта ислеў қуўатлықларын жаратыўға қаратылған жаңа инвестициялық жойбарлар тийкарынан тиккелей инвестицияларды тартыў есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Халықаралық консалтинг компанияларын тартқан халда тармақ компанияларының инвестициялық тартымлылығын ҳәм минерал төгинлер өндирисинде энергия үнемлилигин арттырыў бойынша жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жылдың 15-апрелине шекем халықаралық консалтинг компанияларының усынысларын есапқа алып, химия санааты системасын реформалаў ҳәм оның инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша усыныс киргизсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа – «Жол картасы»нда белгиленген илажлар өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын қатаң қадағалаў;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.С.Султоновқа – химия тармағы объектлерин өз ўақтында иске қосыў ҳәм «Жол қартасы»нда белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың жумысларын муўапықластырыў;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродовқа – халықаралық финанс институтлары менен шөлкемлердиң қаржыларын тартыў ҳәм потенциаллы инвесторларды табыў және химия тармағына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў;
«Өзхимиясанаат» АЖ басқармасының баслығы А.А.Абдуллаевқа – тартылатуғын қаржыларды өз ўақтында өзлестириў және инвестициялық жойбарлар шеңберинде объектлер қурылысының жуўмақланыўын тәмийинлеў ҳәм олардың қатаң белгиленген мүддетлерде жойбарлаў қуўатлықларына шығыўы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзхимиясанаат» АЖның төмендеги усынысларына келисим берилсин:
«Самарқандхимия» АЖ, «Электрхимиязавод» ҚК АЖ ҳәм «Жиззақ пластмасса» АЖның устав капиталындағы мәмлекеттиң үлесин ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ үлесин, сондай-ақ, «Ферғанаазот» АЖның устав капиталындағы мәмлекеттиң үлесин, соның ишинде, инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди қабыл етиў шәрти менен, жеке меншик инвесторларға базар баҳасында сатыў;
«Өзхимиясанаатжойбарлаў» АЖның устав капиталындағы мәмлекеттиң үлесин номинал баҳада ҳәм «Наўайы КМК» МКның Қызылқум фосфорит комбинаты мүлк комплексин қалдық баланс баҳасында «Өзхимиясанаат» АЖ устав капиталына мәмлекеттиң үлеси сыпатында киргизиў;
«Ферғанаазот» АЖның 3-санлы санаат майданшасындағы улыўма майданы 6,5 гектар болған пайдаланылмай атырған объектлерди (цехлар, объектлер ҳәм оларға тутас аймақлары менен) инвестициялық миннетлемелерди қабыл етиў шәрти менен «ноль»лик баҳада сатыў;
инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди қабыл етиў шәрти менен капролактам өндириси шығындыларын утилизациялаў ҳәм қайта ислеў ушын еркин тапсырыў бойынша патентленген технологияға ийе болған «ECO TECH GROUP» ҚК ЖШЖ менен инвестициялық келисимди дүзиў;
2020-жылдан баслап «Өзхимиясанаат» АЖның қурамына киретуғын акционерлик жәмийети тәрепинен жыллық қаржылық есабатларды жәриялаў ҳәм оларды Халықаралық аудит стандартларына ҳәм Халықаралық қаржылық есабат стандартларына муўапықлығы бойынша сыртқы аудиттен өткериў тәртибин енгизиў;
2021-жылға шекем халықаралық тәжирийбеге тийкарланып инвестициялық ҳәм өндирис процесслерин, материаллық ҳәм қаржылық ресурсларды басқарыў бойынша мәлимлеме системаларын, нәтийжелиликти арттырыў көрсеткишлерин қолланған ҳалда хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеўдиң заманагөй усылларын енгизиў.
- Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорына ҳәм қайта қаржыландырыўшы коммерциялық банклерге химия санаатында жаңа инвестициялық жойбарларды таярлаў мақсетинде жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм изертлеў жумысларын әмелге асырыў ушын «Өзхимиясанаат» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын хожалық жәмийетлерине кредитлер ажыратыўға руқсат берилсин.
Жаңа инвестициялық жойбарларды таярлаў ушын кредитлер Қор тәрепинен шәртнамада белгиленген, бирақ 5 миллион АҚШ доллары эквивалентинен көп болмаған муғдарда ажыратылатуғыны;
сырт ел инвесторлары менен биргеликте қаржыландырылатуғын жаңа инвестициялық жойбарларды таярлаў ушын Қор тәрепинен ажыратылатуғын кредит муғдары 10 миллион АҚШ доллары эквивалентине шекем көбейтилиўи мүмкин екенлиги;
Қор қаржыларын ажыратыўға тармақтың илимий-техникалық кеңеси менен келисилген техникалық ўазыйпа, «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы жойбарлар ҳәм импорт контрактлерди комплексли экспертиза етиў орайы» МУКта экспертизадан өткерилген жойбар алды ҳүжжетлерин таярлаў ҳәм изертлеў жумысларын орынлаў бойынша дүзилген шәртнаманың тийкар болатуғыны;
усы бәнтке тийкарланып Қордың кредитлерин ажыратыў Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;
Қордың кредитлери хызмет көрсететуғын банклер арқалы қайта қаржыландырылатуғыны ҳәм қайта қаржыландырыўшы банктиң 0,25 процент муғдарындағы маржасы қосылған ҳалда жойбарды иске түсириў дәўирине шекем, соның ишинде, 3 жыллық жеңиллетилген дәўирди есапқа алған ҳалда, улыўма жыллық процент ставкасы 2,25 процент муғдарында 5 жыл мүддетке ажыратылатуғыны;
кредитлер ҳәм олар бойынша барлық қәрежетлер техникалық-экономикалық тийкардың тастыйықланыўы процесинде жойбарлар қунына киргизилетуғыны ҳәм олардың қайтарылыўы жойбарлар әмелге асырылғаннан соң, объектлер иске қосылғаннан соң алынған дәраматлар ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин инвесторларға сатыўдан түскен Қордың қаржылары және қарыз алыўшының улыўма хожалық жумысынан алынған дәраматлар ямаса «Өзхимиясанаат» АЖ қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- «Өзхимиясанаат» АЖ, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Экономика министрлигиниң Корея химия-технологиялары илимий-изертлеў институты (KRICT) менен биргеликте «Ташкент химия технологиялары илимий-изертлеў институты» ЖШЖ ҳәм «Өзхимиясанаатжойбарлаў» АЖ тийкарында – Илимий-изертлеў ҳәм жойбарлаў институты – Химия технологиялары орайы (кейинги орынларда-Орай)ын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзхимиясанаат» АЖ ҳәм Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Орайдың жумысын шөлкемлестириў ушын KRICT (Корея Республикасы) линиясы бойынша Эксимбанктиң 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит ҳәм грант қаржыларын тартыўды тәмийинлесин.
«Өзхимиясанаат» АЖ Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Орайдың жумысын шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыў дәреклерин анықлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Өзхимиясанаат» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекеттиң үлеси бойынша 2019-2021-жыллардың жуўмақларына муўапық есапланатуғын дивидентлер инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў, соның ишинде, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын тартылған кредит ҳәм қарызларды төлеўге бағдарлаў шәрти менен капитализация етилсин (Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине бағдарланатуғын 30 процент муғдарындағы дивидентлер буған кирмейди).
- Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Орайлық банк, Қор, коммерциялық банклер ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖның «Өзхимиясанаат» АЖ ҳәм оның қурамындағы кәрханалардың Қор ҳәм Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банкиниң кредитлери бойынша миннетлемелерин 2-қосымшаға муўапық реструктуризациялаў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Өзхимиясанаат» АЖ кәрханаларының миннетлемелери бойынша алдын берилген мәмлекетлик кепилликлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислерди киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- «Өзхимиясанаат» АЖ бир ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.С.Султоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 25-октябрь