Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

 

Өзбекстан Республикасында суд-экспертлик жумысын жедел раўажландырыў, мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен суд-экспертлик жумысын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарларын қәлиплестириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлерин дүзиўге рухсат бериў ҳәм оларға 1-қосымшадағы дизимге муўапық суд экспертизаларының айырым түрлерин өткериў ҳуқықын бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлериниң суд экспертлери қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларын төлемли тийкарда 2-қосымшаға муўапық мәмлекетлик мәкемелерде өтейтуғыны;

суд экспертизасы тараўында қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларын тамамлаған шахсларға олардың кәсиплик уқыбын ҳәм суд экспертлерине тийисли қәнигелик бойынша қойылатуғын қәнигелик талапларына муўапықлығын тастыйықлайтуғын суд эксперти сертификаты берилетуғыны;

суд эксперти сертификатын алған шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жайластырылатуғын Бирден-бир реестрине киргизилетуғыны;

мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлериниң суд экспертизасын өткериўде мәмлекетлик суд-экспертиза мәкемелери сыяқлы функцияларды әмелге асыратуғыны, олар сыяқлы ҳуқыққа ийе болатуғыны, миннетлемелерди орынлайтуғыны ҳәм жуўапкер есапланатуғыны;

суд-экспертизасын тайынлаған уйым (шахс) мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкеми тәрепинен өткерилген суд экспертизасының жуўмағына қосылмаған жағдайда, қайта суд экспертизасы  тек ғана мәмлекетлик суд-экспертиза мәкемелери тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен оның рәсмий веб-сайтында белгиленген тәртипте жайластырылатуғын мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлери рейтинги жүргизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2019-2020-жылларда суд-экспертлик жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы әдиллик министрине:

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Х.Сулайманова атындағы Республикалық суд экспертизасы орайы (кейинги орынларда – Орай) ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен төлемли хызметлер көрсетиўден келип түсетуғын ҳәм басқа да бюджеттен тысқары қаржылардың есабынан Орайдың жаңа бөлимлерин шөлкемлестириў ҳәм қосымша штатлар бирлигин енгизиў;

Орай тәрепинен исленетуғын жумыслар, көрсетилетуғын хызметлер бойынша тарифлер, баҳалар ҳәм нырқларды еркин түрде белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Мәмлекетлик суд-экспертиза мәкемелери ҳәм мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлери 2022-жыл 1-январьға шекем олардың жумысын тәмийинлеў ушын сырттан алып келинетуғын әсбап-үскенелер, реактивлер ҳәм жумсаў материаллары ушын «Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Жойбарлаў ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертиза етиў орайы» МУКтың унамлы жуўмағы алынған жағдайда бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириў жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  2. Орай хызметкерлериниң Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетине ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядлары бойынша лаўазымлық айлықларын белгилеўде тариф коэффиециентлери бир ярым есе муғдарда қолланылатуғыны;

усы бәнтте нәзерде тутылған илажлар менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Орайдың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Орайға көрсетилген төлемли хызметлерден түсетуғын қаржылардың 50 процентке шекемги бөлегин Орай хызметкерлерин социаллық қорғаў ҳәм материаллық хошаметлеў илажлары ушын Бюджет шөлкемин раўажландырыў қорына қаратыўға рухсат берилсин.

  1. Илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин суд-экспертлик жумысына енгизиў, суд экспертизаларын өткериў методикасын жетилистириў, мәмлекетлик суд-экспертиза мәкемелериниң кадрлар потенциалын беккемлеў суд-экспертлик жумысын раўажландырыўдың тийкарғы бағдары етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери Орайдың тийисли бөлим ҳәм лабораторияларына  4-қосымшаға муўапық бириктирилсин.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билилмендириў министрлиги Орайға қәнигели кадрлар арасынан суд экспертлерин таңлап алыўға жәрдемлессин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкими Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-мартқа шекем Орайдың қәнигелестирилген жаңа имараты белгиленген тәртипте пайдаланыўға қабыл етилиўин тәмийинлесин.
  2. Тергеўге шекем тексериў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеўди әмелге асыратуғын уйымлардың хызметкерлери суд экспертиниң еркинлиги принциплерине сөзсиз әмел етиўи және суд экспертлериниң профессионаллық жумысына ҳәр қандай көринислерде, соның ишинде, артықша бюрократиялық әўерешилик жағдайларын жүзеге келтириў ҳәм тийкарсыз шақырыўлар арқалы тәсир көрсетиўге жол қоймаў ҳаққында қатаң ескертилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы әдиллик министри Р.К.Давлетовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл  17-январь