Өзбекстан Республикасы Президентиниң

Пәрманы

Мәмлекетимизде бәсекиге шыдамлы өндиристи хошаметлеў, исбилерменликти ҳәм саламат бәсеки орталығын қоллап-қуўатлаў, мәмлекеттиң экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм хошаметлеў және ишки базарды сапалы тутыныў товарлары менен тәмийинлеўге бағдарланған салыққа тартыў ҳәм бажыхана-тариф системасын тәртипке салыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барпылмақта.

Соның менен бирге, экономиканың айырым секторларында исбилерменлик субъектлерине сезилерли муғдарда жеңилликлер ҳәм преференциялардың  берилгенин есапқа алған ҳалда қосылған қун салығын есаплаў ҳәм төлеўдиң әмелдеги тәртибинде бар болған теңсизликлер барлық хожалық жургизиўши субъектлер ушын тең шараятларды тәмийинлеўде қосылған қун салығының толық түрдеги шынжырын жаратыў ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканиятын бермей атыр.

Мәмлекетимиздиң инвестициялық орталығын және де жақсылаў, әдалатлы  бәсеки принциплерин енгизиўди тәмийинлеў және салықлар ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер бериў әмелиятын тәртипке салыў мақсетинде:

  1. 2019-жыл 1-августтен баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

бирден-бир жер салығын төлеўши есапланған аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылары ықтыярлы түрде қосылған қун салығын төлеўге өтиўи мүмкин;

календарь жылы жылы даўамында хызметлерди реализациялаўдан қалған түсимди 100 миллион сумнан асқан, бирақ бир миллиард сумнан көп болмаған телекоммуникациялардың операторлары ҳәм (ямаса) провайдерлерине дәлдәлшылық хызметлерин көрсетиўши жеке тәртиптеги исбилерменлик хызмет ҳақы суммасынан 25 процент ставкада бирден-бир салық төлемин төлеўге өтеди.

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап:

а) бензин, дизель жанар майы ҳәм газды жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы ақырғы тутыныўшыларға сататуғын юридикалық шахслар, бул товарларды сатыўдан түсимниң мүғдарына қарамастан, қосылған қун салығын төлеўшилер есапланады;

б) товарларды импорт етиўши исбилерменлик субъектлери, товарларды (жумысларды, хызметлерди) сатыўдан түсим муғдарына қарамастан, қосылған қун салығын төлеўшилер есапланады. Бунда товарларды биринши мәрте импорт етиўши исбилерменлик субъектлери импорт шәртнамасы дүзилген айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап қосылған қун салығын төлеўши сыпатында есапқа турыўы шәрт;

в) төмендегилер бойынша қосылған қун салығынан, соның ишинде, импорт етилгенде де жеңилликлер бийкарланады:

асбест, көмир, ағаш материаллары, ағаш ҳәм оннан таярланған затлар, углеводород шийки өними;

сая туқымы, айғабағар ҳәм гүнжи туқымлары, майлы шийки зат ҳәм шекер шийки заты;

аўыл хожалығы техникасы, автотранспорт қураллары, автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын аўысық бөлеклер, материаллар ҳәм технологиялық әсбап-үскенелер;

г) юридикалық шахслардың комерциялық банклерге жайластырған қаржыларынан процент көринисинде алынған төлем дәрегин пайда салығынан азат етиў бойынша жеңилликлер бийкар етиледи деп белгилеп қойылсын.

  1. Қосылған қун салығының толық түрдеги шынжырын жаратыў ҳәм барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын тең шараятларды тәмийинлеў мақсетинде:

2019-жыл 1-октябрьден баслап өзи ислеп шығарған аўыл хожалығы өнимлерине ҳәм Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған азық-аўқат өнимлерине белгиленген қосылған қун салығы бойынша жеңилликлер бийкар етиледи;

2019-жыл 1-январь айынан сентябрь айына шекем 1 миллиард сумнан артық пул айланысы (түсими)на ийе болған ямаса 50 гектардан зыят аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларына ийе болған бирден-бир жер салығын төлеўшилер қосылған қун салығын төлеўшилер есапланады ҳәм белгиленген тәртипте қосылған қун салығын төлеўши сыпатында дизимнен өтиўи шәрт. Бунда 2019-жыл 1-октябрьден баслап белгиленген пул айланысы (түсими) шегаралық дәрежесине жеткен бирден-бир жер салығын төлеўшилер усы дәрежеге ерисилген айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап қосылған қун салығын төлеўге өтеди;

пахта шийки заты өнимин ислеп шығарыўшылар 2019-жылдың зүрәәтинен баслап қосылған қун салығын төлеўге өтеди. Бунда оларға 2018-жылдың 1-октябринен алдын болмаған ўақытта ҳақыйқатта алынған ҳәм пахта шийки заты өнимин жетистириў ушын жумсалған товарлар (жумыс, хызметлер) ушын төленген қосылған қун салығы суммасын есапқа алыў ҳуқықы бериледи.

Өзбекстанда ислеп шығарылған азық-аўқат өнимлери бөлеги бойынша қосылған қун салығынан жеңилликке ийе болған юридикалық шахсларға жеңилликтен ўаз кешиў ҳаққында хабарнама бериў тийкарында, усы хабарнама берилген айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап қосылған қун салығын төлеў ҳуқықы берилсин, деп белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен фермер хожалықларына бухгалтерия есабын жүргизиў бойынша хызметлер көрсетиў ушын арнаўлы программалы өним ислеп шығылғанлығы ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте қосылған қун салығы суммасын есаплаў ҳәм есапқа алыў имканиятларын нәзерде тутқан ҳалда программалық өнимди қайта ислеп шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте қосылған қун салығының киргизилиўи мүнәсибети менен пахта шийки заты өниминиң 2019-жылғы зүрәәти ушын жаңадан сатып алыў баҳаларын тастыйықласын.
  2. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық, юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығы ҳәм бирден-бир жер салығының төлем мүддетин 24 айға шекемги мүддетке кешиктириў ўәкиллиги олардың бул салықлар бойынша жеңиллик бериў ҳуқықын бийкарлаған ҳалда берилсин.

Салық төлемлериниң мүддетин кешиктириў, салық қарздарлығы бойынша белгиленген пеня муғдарындағы процентлерди өндириў шәрти менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте берилиўи нәзерде тутылсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен юридикалық шахсларға берилетуғын салықларды төлеў мүддетин кешиктириў тәртибин тастыйықласын.

  1. 7. 2019-жыл 1-августтен баслап физикалық шахслардың Өзбекстан Республикасы аймағында қамсызландырыў жумысын әмелге асырыўға лицензиясы болған юридикалық шахсларға өмирин узақ мүддетли қамсызландырыў (барлық тайпадағы өмирди қамсызландырыў тараўы) бойынша қамсызландырыў шәртнамасының ҳәр бир әмелдеги жылы ушын қамсызландырыў сыйлығын төлеўге бағдарланған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлары салыққа тартылмайды. Бунда қасызландырылған шахстың өмири ушын қамсызландырыў төлемлери шәртнама бойынша қамсызландырыў мүддети басланған күннен баслап кеминде он еки айдан кейн әмелге асырылыўы шәрт.

Узақ мүддетли өмирди қамсызландырыў шәртнамасы мүддетинен алдын бийкар етилген ҳәм қамсызландырыўшы тәрепинен қамсызландырылған шахсқа қамсызландырыў сыйлығы жартылай ямаса толығы менен қайтарылған жағдайда, қайтарылған қамсызландырыў сыйлығының суммасы физикалық шахстың салыққа тартылатуғын жәми дәраматына киргизиледи. Бунда төлем дәрегинен физикалық шахслардың дәрамат салығын услап қалыў ҳәм бюджекте өткерип бериў миннетлемеси қамсызландырыўшыға жүклетиледи.

  1. Исбилерменлик субъектлерине әсбап-үскенелер ҳәм (ямаса) аўысық бөлеклер жеткерип бериў бойынша импорт шәртнамалары тәрепинен мүддети өткен дебитор қарздарлық ушын, егерде әсбап-үскенелер ҳәм (ямаса) аўысық бөлекелерди жеткерип бериў мүддети олардың техникалық өзгешеликлери және өзине тәнлигинен келип шыққан ҳалда 180 күннен артық болса, финанслық жаза илажлары қолланылмайды, деп белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети бир ай мүддетте әспаб-үскенелер ҳәм (ямаса) аўысық бөлеклер жеткерип бериў бойынша импорт шәртнамалары бойынша мүддети өткен дебитор  қарздарлық ушын исбилерменлик субъектлерине финанслық санкцияларды қоллаў тәртибин белгилеў ҳаққында усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине қосылған қун салығының есапқа алынған суммасының оны есапланғанынан асқан суммасын мәжбүрий қаплап бериў тәртибин енгизиў бойынша усыныс киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети басқа мәпдар мәкемелер менен бирге халықаралық финанс институтлары консультантлары ҳәм ғәрезсиз экспертлерди тартқан ҳалда 2019-жыл 1-августке шекем бажыхана жеңилликлерин бериў тәртибин түпкиликли қайта көрип шығыў, сондай-ақ, алдын берилген жеңилликлерди бийкар етиў бойынша төмендегилерге айрықша итибар қаратқан ҳалда усыныс киргизсин:

қосылған қун салығының төлеўшиси болған хожалық жүргизиўши субъектлерге товарларды алып киргенде, сондай-ақ, жумыс (хызмет)ларды импорт еткенде импорт етилген товарлар жумыслар (хызметлер) ушын қосылған қун салығынан жеңиллик орнына 120 күнге шекем болған мүддетте қосылған қун салығын төлеўди кешиктириў механизмлеринен пайдаланыўды;

технологиялық әспаб-үскенелер ушын бажыхана жеңилликлерин бериў механизмин жетилистириў ҳәм оптималластырыўды.

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги басқа мәпдар министрликлер ҳәм мәкемелер менен бирге еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоров, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Сайдоваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 27-июнь